Карантин себепли елимиздеги көплеген кәрханалардың жумысы тоқтап қалған еди. Бүгинги күнде олардың айырымлары карантин қағыйдаларына қатаң әмел еткен ҳалда өз жумысларын даўам етпекте.

Мәселен, Елликқала районындағы “BO’STON  CLUSTER”  ЖШЖ ға қараслы «Бостан оптимал текстил» цехы усы жылдың апрель айынан жумыс баслап, бул жерде 100 жумыс орны жаратылды.

– Кәрханада ҳәр күни жумысшылардың дене ыссылығы өлшенип, жумыс пайытында карантин қағыйдаларына әмел етиўи қадағалаўға алынған,-дейди кәрхана баслығы Темур Казаков. – Сондай-ақ, оларға қолайлық жаратыў мақсетинде ыссы аўқат ҳәм жумысқа келип-кетиўи ушын автобуслар қатнаўы жолға қойылған.

Кәрханамыздың жойбарлық қуўатлылығы 5000 тонна пахтаны қайта ислеўге мөлшерленген. Жыл даўамында 3500 тонна ийирилген жип ҳәм сүлги өнимлерин ислеп шығарыўды режелестирип атырмыз Сондай-ақ, быйылғы экспорт көлемин 5 миллион долларға арттырыўды нийет етип отырмыз.

Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасының мағлыўматларына қарағанда, районда жәми 1232 кәрхана болып, соннан карантин ўақтында 180 кәрхана өз жумысын тоқтатып турған еди. Бүгиннен баслап 38 кәрхана өз жумысын баслап жиберди. Олардың иске қосылыўы менен 737 елликқалалы пуқара және өз жумысларына қайтты.

Ал, Қарақалпақстан Республикасы бойынша жәми 16601 кәрхана болып, карантин дәўиринде 2825 кәрхана өз жумысын тоқтатып турды. Ҳәзирги ўақытта 857 кәрхананың жумысы қайта тикленди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.