Магистратура қәнигеликлерине кириў ушын ҳүжжетлер белгиленген тәртипте 1-июльдан баслап 30-июльға шекем (сол күни де) қабыл етиледи. Бул ҳаққында Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри И.Мажидов айтып өткен еди.

 

2020-2021-оқыў жылынан баслап магистратураға кириў ушын абитуриентлерге электрон тәризде ҳүжжетлерди тапсырыў имканиятлары жаратылады.

 

Магистратураға кириў имтиханлары карантин илажларынан келип шыға отырып, Уставта белгиленген тәризде ямаса тест формасында өткерилиўи мүмкин.

 

Кириў имтиханларының нәтийжелери сол жоқары оқыў орнының рәсмий веб-сайтында жәрияланады.

 

Быйылғы оқыў жылында магистратура қәнигеликлерин питкеретуғын магистрантлардың диссертация қорғаў илажлары ZOOM ямаса басқа бағдарламалар арқалы аралықтан өткериледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.