«Севги билан ғолибман ҳар он!» — Шароф Рашидовнинг шеърий китоби нашрдан чиқди

9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни ҳәм Екинши жер жүзилик урыста ерисилген уллы Жеңистиң 75 жыллық даңқлы байрамы алдынан ағартыўшылық сүйиўши халқымыз ушын және бир мүнәсип саўға таярланды. Ўатанымыз ҳәм халқымыздың пидайы перзенти, атақлы мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер, белгили жазыўшы Шараф Рашидовтың «Шын муҳаббат жеңиске баслар!» атлы поэзиялық китабы баспадан шықты.

Бизге белгили, екинши жер жүзилик урыс көпшилик қатары жас журналист ҳәм шайыр Шараф Рашидовты да өз ийримине тартты. Ол қанлы урыс басланыўы менен бириншилер қатарында фронтқа атланып, ең отлы майданларда саўаш алып барды. Фронтта көрсеткен мәртлиги ҳәм ерлиги ушын еки мәрте жаўынгерлик «Қызыл жулдыз» ордени менен сыйлықланды.

Ол жаўыз душпанға қарсы бир қолында қурал, бир қолында қәлем менен гүрести, сол жылларда урыс темасында онлаған жалынлы қосықларын дөретти.

photo5310171168638086391.jpg

Шайырдың фронтларда турып өзиниң сүйикли жерине, ақыллы ҳәм гөззал зайыбы Хурсанай Рашидоваға бағышлап жазған пәк инсаный муҳаббат ҳәм садықлық сезимлерин жырлайтуғын  қосықларына да китаптан кеңнен орын берилген.

Шараф Рашидов атындағы халықаралық жәмийетлик фонды тәрепинен баспаға таярланған усы топламнан шайырдың оқыўшыларға жақсы таныс болған, қосықларға айланып, кеўиллеримизге кирип барған қосықлары менен бирге, оның дөретиўшилик архивинен табылған, еле жәрияланбаған дөретиўшилик үлгилери де орын алғаны әҳмийетли болып есапланады.

Өз халқының атын улығлап жасаған, елдиң мәпи ушын жанын пидә еткен уллы ҳәм кәдирли  инсан, халқымыз бүгин мүнәсип иззет-ҳүрмет пенен еске алынып атырған ардақлы жазыўшымыздың жаңа китабы оқыўшылар дийдинен шығады, деген үмиттемиз.

 

ӨзА