6-май күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Түркменстан Президенти Гурбангули Бердимухаммедовтың телефон арқалы сөйлесиўи болып өтти.

Сөйлесиўде стратегиялық шериклик принциплерине тийкарланған көп қырлы Өзбекстан – Түркменстан қатнасықларының ҳәзирги жағдайы ҳәм оларды кеңейтиў перспективалары додаланды.

Президентлер өзбек ҳәм түркмен халықларының тәғдиринде улыўмалық тәреплердиң көплигин, оларды әййемги тарийх, дәстүр ҳәм үрп-әдетлер байланыстырып туратуғынын айрықша атап өтти. Халықларымыз арасындағы әзелий дослық байланыслары, жақсы қоңсышылық қатнасықлары бүгинги күнде өз раўажланыўының жаңа, тарийхый басқышына көтерилди.

Мәмлекет басшылары саўда, энергетика, транспорт ҳәм транзит, өндирис ҳәм аўыл хожалығы тараўларындағы әмелий бирге ислесиў жедел раўажланып атырғаны уйымлараралық байланыслардың нәтийжели жолға қойылғанын қанатланыўшылық пенен атап өтти.

Бирге ислесиўге байланыслы тийкарғы жойбарларды, соның ишинде, еки тәреплеме Ҳүкиметлераралық комиссия жумысы шеңберинде алға қойыў мақсетинде биргеликтеги ис-ҳәрекетлерди жедел даўам еттириўге келисип алынды.

Сөйлесиўде, сондай-ақ, елимизде Сардоба суў сақлағышындағы айрықша жағдай ақыбетлерин сапластырыўға байланыслы мәселелерге тоқтап өтилди.

Коронавирус инфекциясының тарқалыўы менен байланыслы эпидемиологиялық жағдай ҳаққында да пикир алысылды.

Усы қәўипли кеселликтиң алдын алыў, сондай-ақ, бүгинги қыйын дәўирде миллий экономика ҳәм халықты қоллап-қуўатлаў бойынша дос еллеримизде көрилип атырған  илажлар толық қоллап-қуўатланды.

Президентлер тийисли министрликлер ҳәм уйымларға вирусқа қарсы нәтийжели гүрести шөлкемлестириў мәселелеринде өз-ара муўапықласыў ҳәм бирге ислесиўди күшейтиў бойынша тапсырма берилди.

Өзбекстан ҳәм Түркменстан жетекшилери халықаралық сиясат ҳәм регионаллық бирге ислесиўге байланыслы бир қатар актуал мәселелерди де көрип шықты.

Сөйлесиў әдеттегидей қызғын, ашық ҳәм дослық руўхында өтти.

 

ӨзА