Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси ҳәм ӨзЛиДеП Сиясий Кеңеси Атқарыў комитетиниң баслығы А.Хаитовтың басшылығындағы жумысшы топар дийқан хожалықлары ҳәм халықтың қыйтақ жерлеринде бәҳәрги егистиң жағдайы менен танысыў мақсетинде Әмиўдәрья ҳәм Тақыятас районларында болды.

Дәслеп топар ағзалары Әмиўдәрья районындағы «Боз алма» МПЖдағы Батыр Арабовтың шаңарағында болды. Ол 50 сотихлы қыйтақ жериниң 2 сотих жерине ыссыхана қурған екен. Ыссыханада тийкарынан помидор ҳәм қыяр жетистириледи. Ол быйыл бул жерден екинши мәрте өним алып атырғанлығын айтты. Соң топар ағзалары «Қараман» МПЖдағы Янгибой Султановтың шаңарағында болды. Оның үйи жанындағы 40 сотих жердиң 4 сотих жерине ыссыхана қурылған. 10 сотих жеринде мийўели бағ жаратылған. Қалған жерлерине де картошка, ҳәр қыйлы овощь, палыз егинлери егилип, жерден үнемли пайдаланып атырғанлығы көзге тасланды.

 

 

Буннан соң топар ағзалары «Бағ» МПЖ аймағындағы «Орта қала шарўасы» агрофирмасының баслығы Э.Расулов пенен ушырасты. Ол пал ҳәррешиликти раўажландырыў ушын Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси жанындағы фонд есабынан 1 миллиард 200 миллион сум кредит алған. Ҳәзирги ўақытта оның 1000 пал ҳәрре семьясы болып, 30 ға шамалас жас жумыс пенен тәмийинленген.

Топар ағзалары Тақыятас районындағы «Найман» АПЖ да болып, ол жердеги қыйтақ жерлеринен үнемли пайдаланып атырған пуқаралар Алишер Утегенов, Гүлсара Алламбергеновалар менен де ушырасты.

– Үйимниң алдындағы 1 сотих жериме ыссыхана қурып, помидор ҳәм қыяр егип пайдаланып атырман,-дейди Г.Алламбергенова. – Жылына еки мәрте өним аламан, үйден аўысқанын базарға шығарып сатаман.

 

 

Ушырасыўларды өткериўден тийкарғы мақсет – коронавирус инфекциясы себепли елимизде жүзеге келиўи мүмкин болған экономикалық кризисти жумсартыў, халықты азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў, сондай-ақ, қыйтақ жерлерден пайдаланыўды раўажландырыў арқалы халықтың бәнтлигин ҳәм дәраматларын арттырыў болып есапланады.

Сәўбетлесиўлерде Президентимиздиң усы жыл 8-апрельдеги видеоселектор мәжилисиндеги, усындай сынақлы ўақытларда қыйтақ жерлерге егин егиў, оннан нәтийжели пайдаланыў, 2-3 мәрте егин егип қосымша өним алыў бойынша зәрүр илажларды әмелге асырыў бойынша берген көрсетпелери кеңнен түсиндирилип, қыйтақ жерлерден өнимли пайдаланыў керек екенлиги атап өтилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.