Коронавирус инфекциясының кең тарқалыўының алдын алыў ҳәм енгизилген карантин талапларына қатаң түрде әмел етилиўин тәмийинлеў мақсетинде, Өзбекстан Республикасына коронавирустың кирип келиўи ҳәм тарқалыўының алдын алыў бойынша илажлар бағдарламасын таярлаў бойынша республикалық арнаўлы комиссияның 2020-жыл 8-апрельдеги қарарына муўапық:

 

2020-жыл 9-апрельден баслап автотранспорт қуралларының ҳәрекетлениўи ушын мәмлекетлик хызметлер орайлары тәрепинен арнаўлы рухсатнама бериў тоқтатылды.

 

Бунда автотранспорт қуралларына усы сәнеге шекем берилген рухсатнамалар тийкарында ҳәрекетлениў ҳуқықы сақлап қалынды.

 

Автотранспорт қуралларының ҳәрекетлениўи ушын арнаўлы рухсатнамалар талап етилмейтуғын жағдайлардың дизими қысқартылып, өз алдына жәрияланады.

 

Көрип шығыў процесинде болған арзалар қанаатландырылмастан қалдырылады.

 

Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қарақалпақстан Республикалық басқармасының берген мағлыўматларына қарағанда, 8-апрельге шекем Қарақалпақстан Республикасы бойынша 6229 арза келип түскен. Олардан 5603 арза көрип шығылған, солардан 1091 арза қанаатландырылып, арнаўлы рухсатнамалар берилген. 4512 арза қанаатландырылмаған.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.