Оған Өзбекстан мусылманлары басқармасы қандай мүнәсибет билдирди?

Елимизде коронавирус инфекциясы кең тарқалыўының алдын алыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарары қабыл етилди. Оған бола, Өзбекстан Республикасы аймағында барлық түрдеги ғалабалық илажлар, соның ишинде, байрам илажлары, халықаралық илажлар ҳәм спорт жарыслары, сондай-ақ, театр, кино ҳәм концерт бағдарламалары ҳәм тойлар, шаңарақлық салтанатлар, мереке ҳәм мәресимлердиң өткерилиўи (жерлеў мәресимлери 10-15 адамнан көп болмаған жағдайлар буған кирмейди) тоқтатылған.

Өзбекстан мусылманлары басқармасы уламалар кеңеси коронавирус инфекциясы тарқалыўының алдын алыў пәтўасында да жаназа намазлары қайтыс болғанның жақын туўысқанларының қатнасыўында үйлерде оқылсын, деп айрықша атап өтиледи. Ҳақыйқатында да, пейитке жаназа оқыў парыз болып, қайтыс болған адамның жақынларының қатнасыўында орынланса соның өзи жетерли.

Ески дәреклерде де жас үлкенлеримиз қайтыс болған адамның жаназа намазын жеделлик пенен орынлап, жерлеўге асыққаны билдирилген. Жаназа, жерлеў, кеўил айтыў ҳам усыған байланыслы мәресимлерди ықшам тәризде өткериў менен бирге эпидемия ҳәм карантин талапларына байланыслы талаплар, атап айтқанда, гигиена қағыйдаларына қатаң әмел етиў зәрүр болатуғынын атап өтиў керек.

Бәринен бурын, бундай ўақытларда Алла тааладан ҳәммеге беккем денсаўлық сораймыз. Жаратқанның тәғдирине бойсынып қайтыс болған инсанлардың жаназа намазы ҳәм мәресимлерин ҳәзирги күнлердеги аўыр кеселлик пандемиясы дәўиринде ықшам түрде өткериў шариятымыздың талабы есапланады.

Өмир бар екен, сынақ бар, қыйыншылықлар бар. Бул ҳақыйқатты усы күнлерде және де терең сезбектемиз. Бүгин коронавирус инфекциясы деген айрықша бир қәўипке дус келдик. Пурсаттан пайдаланып, жағдайды дурыс түсинип, көрилип атырған илажларды қоллап-қуўатлап атырғаны ушын барлық мөмин-мусылманларға және бир мәрте рахмет айтамыз.

 

Ҳомиджон Ишматбеков,

Өзбексан мусылманлары басқармасы баслығының орынбасары

ӨзА