Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Санитариялық-эпидемиологиялық қадағалаў мәмлекетлик инспекциясының баслығы, Республикалық бас мәмлекетлик санитариялық инспекторы Нурмат Отабековтың мәлим етиўинше, коронавирустың әҳмийетли белгилериниң бири – ҳаўаның жетиспеўи ямаса дем алыўдың қыйынласыўында наўқас өзин суўға ығып атырған адамдай сезинеди. Басқа кеселликлерден усы тәрепи менен де ажыратыў мүмкин.

Сондай-ақ, оның атап өтиўинше, Өзбекстанда дәри-дәрмақлар, диагностикалық затлар, шыпакерлер – зәрүр болған барлық резервлер жетерли болып, олар бир ўақыттың өзинде вирусты жуқтырған 1000 адамды зәрүрли емлеў илажлары менен тәмийинлеўге жетеди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.