Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлигинде Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў, Халық билимлендириў, Денсаўлықты сақлаў министрлери ҳәм тийисли уйымлар ўәкиллериниң қатнасыўында «Өзбекстанда коронавирус инфекциясының тарқалыўы және оған қарсы көрилип атырған илажлар бойынша билимлендириў мәкемелеринде әмелге асырылып атырған жумыслар» темасында онлайн режимдеги брифинг өткерилмекте.

Илажда Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри Ином Мажидов, Халық билимлендириў министри Шерзод Шерматов, Денсаўлықты сақлаў министриниң орынбасары Нурмат Отабеков ҳәм Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық агентлигиниң директоры – Өзбекстан бас мәмлекетлик санитария врачы Бахром Алматовлар қатнаспақта.

Усы илажда мектеплерде дем алыс басланғанын, бирақ қашан сабақ басланатуғыны тек ғана республикалық комиссия тәрепинен шешилетуғыны мәлим етилди.

Сондай-ақ, 3 телеканалда видеосабақлардың жол қойылыўы, ҳәзирги ўақытта сүўретке алыў жумыслары алып барылмақта.

Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри Иномжон Мажидовтың атап өтиўинше, оқыўды көширген студентлердиң есабынан жүклемелер санының артыўына алып келиўине таярлық көрилген. Ҳәзирги ўақытта профессор-оқытыўшылардың 50 проценти дем алысқа шығарылған. Қалғанлары да гезек пенен дем алысқа шығыўы нәзерде тутылған.

«Контракт төлемлериниң мүддети 20-мартқа шекем созылған еди. Бул мүддет созыла ма», мазмундағы сораўға министр – Оны созыўға ҳәзирше зәрүрлик жоқ. Зәрүрлик туўылса мәлим етиледи, – деди.

Онлайн режимдеги брифинг даўам етпекте.

 

ӨзА