Денсаўлықты сақлаў министрлиги жуўапкер министрлик ҳәм уйымлар менен биргеликте эпидемиологиялық сорастырыў және коронавирус инфекциясының тарқалып кетпеўи ушын барлық профилактикалық илажларды избе-из әмелге асырмақта.

Соңғы мағлыўматларға қарағанда, ҳәзирги ўақытта коронавирус инфекциясы дизимге алынғанлар 8 адамға жетти. Бул ҳаққында ӨзР Денсаўлықты сақлаў министрлиги хабар берди.

Усы жылдың 15-март күни Вирусологиялық илимий тексериў институтының лабораториясында Францияда болып қайтқан бир Өзбекстан пуқарасында, сондай-ақ, оның улы ҳәм қызы, өмирлик жолдасы ҳәм ақлығында коронавирус инфекциясы анықланғанын хабарлаған едик.

Алып барылған анализ нәтийжелерине муўапық, усы наўқас пенен байланыста болған ағайининде де коронавирус инфекциясы дизимге алынған.

Сондай-ақ, усы жылдың 14-март күни «Өзбекстан ҳаўа жоллары» авиакомпаниясына қараслы Лондон-Ташкент жөнелисиндеги 201-рейс пенен келген Өзбекстан пуқарасында коронавирус инфекциясы анықланған.

Еслетип өтемиз, усы жылдың 15-март күни саат 05:15 те «Өзбекстан ҳаўа жоллары» авиакомпаниясына қараслы Стамбул-Ташкент жөнелисиндеги 274-рейс пенен келген Өзбекстан пуқарасында да усы инфекция дизимге алынған еди.

Наўқаслар менен байланыста болғанлардың дизими алынып, олардың денсаўлығы бойынша медициналық қадағалаў орнатылды.

Ҳәзирги ўақытта шыпакерлер ҳәм қәнигелер тәрепинен белгиленген стандартлар бойынша емлеў ҳәм эпидемиологиялық сорастырыў жумыслары даўам еттирилмекте.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.