Президентимиздиң  2020-жыл 29-январьдағы тийисли бийлигине муўапық Өзбекстан Республикасына коронавирустың жаңа түриниң кирип келиўи ҳәм тарқалыўының алдын алыў мақсетинде Республикалық арнаўлы комиссия дүзилген. Бийликке тийкарланып Республикалық арнаўлы комиссияға Бас министр басшылық етеди.

Комиссияның қарарына муўапық чартер рейслери арқалы сырт елдеги Өзбекстан пуқаралары  елимизге алып келинбекте. Ҳәммемизге белгили, Уханнан 84 студент алып келинген еди.  Қытайдан 630, Қубла Кореядан 700ден аслам пуқараларымыз алып келинип, санаторийларға жайластырылды ҳәм карантинге алынды.

Бүгин чартер рейслер арқалы Латвияның Рига қаласынан жерлеслеримиз алып келинип, Наманган ўәлаятындағы санаторийларда карантинге алынады. Сондай-ақ, Иран Ислам Республикасыннан да 30 дан аслам пуқарамыз алып келинеди. Олар Наманган ўәлаятындағы Косонсай ҳәм Тўрақорғандағы санаторий ҳәм емлеўханаларға жайластырылады. Оннан кейин де Ҳүкимет бундай илажларды көриўди даўам еттиреди. Оның ушын елимизде санаторийлар, емлеўханалар таярланбақта.

 

Алишер Шодмонов,

Өзбекстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министри

ӨзА