Үстирт газ қазып алыў басқармасына қараслы «Арқа Бердақ» газконденсат кәниндеги 77-санлы қудықта бурғылаў жумыслары жуўмақланды. Бул ҳаққында «Өзбекнефтьгаз» АЖ хабар берди.
Бул қудықтың 2322-2320 м, 2294-2290 м, 2262-2256 м интерваллар аралығында перфорация жумыслары алып барылды. Нәтийжеде қудықтан күнлик 100-130 мың куб метр санаат типиндеги тәбийғый газ қазып алыныўына ерисилди.
Мағлыўмат ушын, «Арқа Бердақ» газконденсат кәни Мойнақ районында жайласқан болып, 2006-жылы иске түсирилген.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.