Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Бас прокуратура, Ишки ислер министрлиги ҳәм Республикалық руўхый-ағартыўшылық орайы менен биргеликте усы жылдың февраль-март айлары даўамында студент-жаслар арасында «Экстремизм ҳәм терроризм – жаслар келешегине қәўип» атамасында үгит-нәсиятлаў илажларын өткермекте.

Президентимиз Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 72-сессиясы ҳәм Ислам бирге ислесиў шөлкеминиң Илим ҳәм технологиялар бойынша биринши саммитиндеги баянатында диний жаўызлық, халықаралық терроризмниң тамырлары, дүнья жәмийетшилигин тәшўишке салып атырған машқала ҳәм оларды сапластырыўдың жоллары ҳаққында анық усынысларды ортаға таслаған еди.

Елимиз басшысының усы халықаралық илажда «бундай күшлерге қарсы гүресиўдиң күш ислетиў жолы өзин ақламайды» деген пикиринен келип шыққан ҳалда ҳәм 2018-жыл 16-апрельдеги қарары тийкарында, бүгин, 25-февраль күни усындай үгит-нәсиятлаў илажы Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент информация технологиялары университети Нөкис филиалында болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси дин ислери бойынша қәнигеси Нурылла Жамалов, Ишки ислер министрлигиниң Терроризм ҳәм экстремизмге қарсы гүресиў басқармасының жетекши қәнигеси, капитан Жанәмет Қуламетов, Муҳаммед ал-Беруний атындағы орта арнаўлы ислам билим журты директорының руўхыйлық ислери бойынша орынбасары Әдилбай Ережепов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Президент Ш.Мирзиёевтиң басшылығында елимизде руўхый-ағартыўшылық реформаларды тереңлестириў ҳәм оның нәтийжелилигин арттырыў, миллий ҳәм диний қәдириятларды қәдирлеў және олардан жәмийеттиң раўажланыўы, жаслардың тәрбиясы жолында пайдаланыў мәселелерине айрықша итибар қаратылып атырғанын атап өтти.

– Бүгинги жаслар менен ушырасыўымызда терроризм ҳәм экстремизм сыяқлы жаўыз күшлердиң мақсети тек ғана қорқытыў, зорлық-зомбылық екенлигин түсиндириўге ҳәрекет еттик, оларды сергекликке шақырдық, – дейди, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси дин ислери бойынша қәнигеси Н.Жамалов. –  Жасырарлығы жоқ, бүгинги күнде жасларымыз сырт еллерге жумыс излеп шығып атыр. Олар елимизден тысқарыда жумыс ислеўди аңсат көреди, басқа мәмлекетлерде жүз берип атырған урысларды бир ойындай қабыллайды. Жасларымыз Ўатанымыздағы тынышлықтың қәдирине жетпей атыр, деп ойлайман.

Илажда «Хужрадаги зулмат» атамасындағы видеофильм жаслардың итибарына усынылды.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.