Подполковник Турдыбаев Өмирбай Кеўлимжаевич Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниң орынбасары – Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы басқармасының баслығы лаўазымына тайынланды. Бул ҳаққында министрликтиң баспасөз хызмети хабар берди.

Ө.Турдыбаев буған шекем Тахтакөпир районлық Ишки ислер бөлими баслығы лаўазымында жумыс ислеген.

Еслетип өтемиз, буннан алдын ӨзР Ишки ислер министри, генерал-лейтенант П.Бобожонов басшылығында өткерилген жыйналыс даўамында өз хызмет ўазыйпаларын атқарыўда кемшиликлерге жол қойған ҳәм хызмет ўазыйпасын тийисли дәрежеде орынламағаны ушын Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы басқармасының баслығы Р.Ешимбетов ўазыйпасынан босатылған еди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.