СЕМИНАР

Усы жыл 24-февраль күни Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы тәрепинен Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 7-июньдағы «Мәмлекетлик билимлендириў мәкемелери ҳәм мәмлекетлик емес билимлендириў мәкемелерин аттестациядан ҳәм мәмлекетлик аккредитациядан өткериў тәртибин жетилистириў ҳаққында»ғы қарарына муўапық, Жоқары оқыў орынларының ишки баҳалаў процесин сапалы шөлкемлестириў ҳәм оған таярлық көриў мақсетинде жоқары оқыў орынлары және экспертлер ушын методикалық ҳәм әмелий жәрдем көрсетиўге бағдарланған семинар болып өтти.

Оған республикамыздағы бир қатар жоқары оқыў орынларының окыў ҳәм илимий ислер бойынша проректорлары, Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў бөлими қәнигелери, Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан Республикасы бөлими ўәкиллери қатнасты.

Илажда Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы Жоқары оқыў ҳәм орта оқыў орнынан кейинги билимлендириў мәкемелерин аттестациядан өткериў бөлимниӊ баслығы Р.Рўзматов шығып сөйлеп, Жоқары оқыў орынлары ишки баҳалаў процесин сапалы шөлкемлестириў ҳәм сыртқы баҳалаў процесине таярлық көриўде Билимледириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы, Халық билимлендириў ҳәм Мектепке шекемги билимлендириў, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў ҳәм инновациялық раўажланыў министрликлериниң 2019-жыл 16-декабрьдеги “Билимлендириў мәкемелерин аттестациядан өткериў факторларын тастыйықлаў ҳаққында”ғы қарарының мазмун-әҳмийетине түсиник берди.

Сондай-ақ, билимлендириў мәкемелериниӊ жумысын ишки баҳалаўдың тийкарғы мақсетлерине айрықша тоқтап өтти.

Илаж соңында қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды.

Қ.Қалекеев,

ӨзМКӨМИ Нөкис филиалы Билимлендириўдиң

 сапасын қадағалаў бөлими баслығы.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.