Елликқала районында шөлкемлестирилген семинарға Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясының Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаяты басқармаларының баслықлары, бөлим баслықлары, техникалық жағдайды ҳәм агротехникалық илажларды қадағалаў бөлими инспекторлары қатнасты.

Семинарда инспекцияның бөлим бас инспекторы А.Эргашев шығып сөйлеп, «Заманагөй электрон база»ны енгизиў, техникалық паспорт, гүўалық ҳәм тракторшы-машинист гүўалығы сыяқлы заманагөй пластикалық түрдеги ҳүжжетлерди таярлаў менен байланыслы мәселелерге тоқтап өтти. Сондай-ақ, жаңа үлгидеги техникалық паспорт ҳәм гүўалық Орайлық Азия мәмлекетлери арасында биринши мәрте Өзбекстанда енгизилип атырғанын атап өтти. Алдын бул ҳүжжетлерди таярлаўға 2-3 күн ўақыт кеткен болса, онлайн режиминде жаңа үлги бойынша узағы менен 10 минут ўақыт зәрүр болады.

Оқыў семинары даўамында қатнасқанларға жаңа үлгидеги электрон ҳүжжетлерди жүргизиўге байланыслы мәселелер бойынша толық түсиниклер берилди.

Семинар өз жумысын даўам еттирмекте.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.