Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси «Жаслар қанаты» тәрепинен студент-жаслардың ҳуқықый мәдениятын, жәмийетлик-сиясий белсендилигин және де арттырыў мәселелерине бағышланған «Депутат пенен жаслар» атамасында ушырасыў болып өтти.

Онда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутатлары, партияның атқарыў комитети аппараты қәнигелери, «Жаслар қанаты» белсендилери, жоқары оқыў орнының профессор-оқытыўшылары менен студент-жаслары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Ушырасыў даўамында депутатлар тәрепинен жаслардың интеллектуаллық, дөретиўшилик, физикалық ҳәм басқа да бағдардағы қәбилетлерин раўажландырыўға жәрдем бериў, оларға шараятлар жаратыў, саламат турмыс тәризине умтылыўын қәлиплестириў, бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў, оларды әдеп-икрамлылық қағыйдаларының бузылыўына алып келетуғын ис-ҳәрекетлер ҳәм идеялардан қорғаўға мүнәсип түрде үлес қосыў мақсетинде мәкан пуқаралар жыйынлары ағзалары менен биргеликте турақлы алып барылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берилди.

Ушырасыўда студент-жаслар тәрепинен Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 59-санлы қарары бойынша жоқары оқыў орынларында мәмлекетлик грант тийкарында оқып атырған студентлердиң белгиленген пәнлерден өзлестириў көрсеткишлери «қанаатландырарлы» баҳаға ийе болған студентлерге келеси оқыў семестри даўамында стипендия төлемеў, стипендия төлеў системасына бурынғыдай студентлердиң алған баҳаларына сәйкес «3», «4», «5» лик стипендия төлеў тәртибин енгизиў, орта билим бериў мектеплериниң меншиклестирилиўи сыяқлы мәселелер бойынша усыныслар билдирилди. Бул мәселелерди Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасындағы ӨзМТДП фракциясы ағзасы Р.Жумамуратов тез арада үйренип шығып, нызамшылыққа өзгерис киргизиў ҳаққында өз усынысын беретуғынын билдирип өтти.

Ашық сөйлесиў тәризинде өткен ушырасыўда қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға депутатлардан жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.