Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң гезектеги пленумы болып өтти.

Онда Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Орайлық Кеңеси ўәкиллери, Олий Мажлис Нызамшылық палатасы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатлары, партияның Қарақалпақстан Республикалық кеңеси ағзалары, қалалық ҳәм районлық партия шөлкемлериниң басшылары, партия белсендилери ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Пленумда Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Орайлық Кеңеси Атқарыў комитети аппаратының жетекши қәнигеси Б.Тўраев, Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң баслығы Т.Романов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, өткен сайлаўлардың нәтийжеси, ушырасқан айырым машқалалар, жол қойылған кемшиликлерге тоқтап өтти. Орынлардағы партия шөлкемлериниң ҳәм депутатлық топарлардың 2019-жылдағы жумысларының жуўмағы тыңланып, Президентимиздиң Мүрәжатынан келип шығатуғын тийкарғы ўазыйпалар додаланды.

Атап өтилгениндей, партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңесинен өткен сайлаўларда Олий Мажлистиң Нызамшылық палатасына 2, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине 14, Халық депутатлары қалалық ҳәм районлық кеңеслерге 96, жәми 112 депутат сайланды. Алдыңғы сайлаўларда жәми 101 депутат сайланғанын инабатқа алсақ, бул сайлаўда партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси нәтийжели қатнасқаны атап өтилди.

Итибарлысы, быйыл сайланған 112 депутаттың  46 сы  яғный 41 проценти ҳаял-қызларды қурайды. Партиядан 1 Сенат ағзасы сайланды.

Пленумда партияның сайлаўалды Платформасында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы, партия бағдарламасының мақсет ҳәм ўазыйпаларын әмелге асырыў, электорат мәплерин қорғаў мәселелери де көрип шығылды.

Пленум жуўмағында партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң 2020-жыл ушын ис-режеси ҳәм әмелге асырылатуғын тийкарғы ўазыйпаларды орынлаў мәселелери бойынша тийисли қарар қабыл етилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.