2020-жыл 19-февраль күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кенгашиниң мәжилиси болып өтти.

Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Норбоева Кенгаш мәжилисин ашар екен, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатынан келип шығатуғын әҳмийетли ўазыйпалар, сондай-ақ, парламент жоқары палатасына жүкленген ўәкилликлердиң әмелге асырылыўы бойынша Сенат ағзаларының жуўапкершилигине тоқтап өтти.

Мәжилисте Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының екинши жалпы мәжилисин усы жыл 28-февраль күни шақырыў ҳаққында қарар қабыл етилди.

photo5361775686030830827.jpg

Жалпы мәжилисте Сенат ағзалары тәрепинен социаллық-экономикалық, суд-хуқық тараўларындағы реформаларды избе-из даўам еттириў, мәҳәлле ҳәм шаңарақ институтын беккемлеў, балалардың хуқықларын қорғаўға қаратылған бир қатар нызам хүжжетлерин және әҳмийетли мәселелерди додалаў нәзерде тутылмақта.

«Өзбекстан Республикасының пуқаралығы ҳаққында»ғы, «Халықты дизимге алыў ҳаққында»ғы, «Метрология ҳаққында»ғы, «Халықаралық коммерциялық арбитраж ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының нызамлары усылардың қатарына киреди.

Сондай-ақ, сенаторлар бала хуқықларының қосымша кепилликлери белгилениўи, судтың ис жүргизиўине мәлимлеме технологияларын енгизиў даўам еттирилиўи ҳәм келиспеўшиликлерди судқа шекем шешиў мүддетлерин оптималластырыў мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам хүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиўин нәзерде тутатуғын нызамларды көрип шығады.

photo5361562204681383121.jpg

Жалпы мәжилисте «Халықаралық жеке меншик хуқық бойынша Гаага конференциясы Уставын (Гаага, 1951-жыл 31-октябрь) ратификациялаў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамы да додаланады.

Сенаторлар тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Жәмийетте социаллық-мәнаўий орталықты саламатландырыў, мәҳәлле институтын буннан былай да қоллап-қуўатлаў және шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар менен ислесиў системасын жаңа дәрежеге алып шығыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманын тастыйықлаў ҳаққындағы мәселе де көрип шығылады.

Сенат ағзалары Өзбекстан Республикасы ишки ислер министриниң 2019-жылда ишки ислер уйымларының жынаятшылыққа қарсы гүресиў ҳәм хуқықбузарлықлардың алдын алыў тараўындағы жумысы ҳаққындағы, Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министриниң 2019-жылда Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлигине жүкленген ўазыйпаларды орынлаў бойынша жумысы ҳаққындағы мәлимлемелерин тыңлайды.

photo5361775686030830829.jpg

Жалпы мәжилис қатнасыўшылары Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине медициналық-мийнет эксперт комиссиялары тәрепинен пуқараларды медициналық тексериўден өткериў ҳәм майыплықты анықлаў мәселелери бойынша парламент сораўын жибериў ҳаққындағы мәселени көрип шығады.

Сондай-ақ, жалпы мәжилисте Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине алдын жиберилген парламент сораўларының нәтийжелерин де додалаў нәзерде тутылмақта.

Олий Мажлис Сенаты комитетлери ҳәм аппаратының екинши жалпы мәжилиске таярлық көриў ҳәм оны өткериўге байланыслы жумысларын муўапықластырыў мақсетинде жумысшы топар дүзилди.

Кеңес тәрепинен Сенат комитетлерине жалпы мәжилисте додалаў ушын мәселелерди таярлаўда аймақлардың мәплерин есапқа алыў, халықты тәшўишке салып атырған машқалаларды ашып бериў ҳәм шешиў бойынша атқарыўшы ҳәкимияттың уйымлары ушын анық усыныслар ислеп шығыў тапсырмасы берилди.

Өзбекстан Республикасы

Олий Мажлиси Сенатының

Мәлимлеме хызмети.

ӨзА