7-февраль күни Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасынан тийисли тәртипте берилетуғын мағлыўматнамасыз автотранспорт қуралларын оңлаў жағдайларын анықлаў бойынша Нөкис қаласы аймағында жайласқан автомобильлерге техникалық хызмет көрсетиўши устаханаларда рейд-тексериў илажлары өткерилди. Бул ҳаққында ҚР ИИМ баспасөз хызмети хабар берди.

Өткерилген илажлар даўамында Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасының аға инспекторы, майор Б.Бекмуратов тәрепинен устаханада жумыс ислейтуғын Нөкис қаласында жасайтуғын пуқара Ш.Р. «Нексия-3» маркалы автомашина басқарыўшысы тәрепинен абайсыз басқарғаны ақыбетинде материаллық зыян көрген жерин Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасының бул ҳаққындағы тийисли мағлыўматнамасы болмаса да оңлап атырғанын анықлап, тийисли тәртипте рәсмийлестирген.

11-февраль күни пуқара Ш.Р. усы жағдай бойынша топланған ҳүжжетлерди шара көрместен, унамлы шешип бериўи ушын 200 000 сум муғдарындағы пулларды майор Б.Бекмуратовқа пара сыпатында берип атырған ўақытта ҚР Прокуратурасы ҳәм ӨзР ИИМ Өз қәўипсизлиги басқармасының Қарақалпақстан Республикасы бойынша бөлими хызметкерлери тәрепинен айғақлы дәлиллер менен усланған.

Бул жағдай бойынша Бас прокуратура жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти ҚР басқармасы тәрепинен ӨзР ЖКның 211-статьясы 1-бөлими менен жынаят иси ашылған.

Ҳәзирги ўақытта бул жағдай бойынша дәслепки тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.