Хабарыңыз бар, Өзбекстан бойлап «Human» жеке меншик бәнтлик агентлиги жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң хызметкерлеринен алданып қалған көплеген пуқаралардың пуллары қайтарып берилмекте.

Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикалық басқармасы мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, Қарақалпақстан Республикасынан да усы «Human» жеке меншик бәнтлик агентлигине 208 миллион сумнан аслам пулларын берген 16 пуқара жәбир көрген.

Усы жеке меншик бәнтлик агентлиги баслығы Ш.Файзуллаевтың жынайы ҳәрекетлери ақыбетинде жәбир көрген пуқараларға жеткерилген материаллық зыянларды олардың есап бетлерине тез ўақытларда өткериў мақсетинде Мәжбүрий орынлаў бюросы, «Ипотека банк» және Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги хызметкерлеринен ибарат қурамда республикамыз бойлап жумысшы топарлар дүзилди.

Жумысшы топар тәрепинен оперативлилик пенен өткерилген ҳәрекетлер нәтийжесинде Қарақалпақстан Республикасынан болған 16 пуқараға улыўма 208 миллион 635 мың сум пуллары толығы менен олардың атына ашылған пластик карталарына өткерип берилди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.