Сурхандәрьялы белсенди жаслар Арал теңизиниң қурыған ултанында жасыл тоғайзарлықлар пайда етиўде сексеўил егиў жумыслары барысын өз көзлери менен көриў ушын Мойнаққа келди. Бул ҳақкында Мойнақ районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети хабар бермекте.

Дәслеп мийманларды районныӊ кең жәмийетшилик ўәкиллери салтанатлы түрде күтип алды. Буннан соң, район орайының дыққатқа ылайық орынларына саяхат шөлкемлестирилди.

 

 

Соңынан Сурхандәрья ўәлаяты ҳәкимлиги ҳәм Жаслар аўқамы кеңесиниң 10 компьютер топламы, тигиў машиналары, 300 китап ҳәм спорт инвентарьларынан ибарат саўғасын мектеп оқыўшыларына тапсырыў ушын Қазақдәрья аўыл пуқаралар жыйына жол алды.

А.Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги.