Олий Мажлистиң Нызамшылық палатасында
Халықаралық ислер ҳәм парламентлераралық байланыслар комитети тәрепинен шөлкемлестирилген дөгерек сәўбетинде Өзбекстан ҳәм Түркия арасындағы бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары ҳәм келешектеги режелери талланды.
Депутатлар, Түркияның Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси, тийисли министрликлер ҳәм уйымлардың жуўапкер хызметкерлери, илимпазлар, қәнигелер ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасқан илажда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы Спикериниң биринши орынбасары Акмал Саидов мәмлекетимиз ғәрезсизликке ерискен дәслепки күнлерден-ақ Түркия Өзбекстанды ғәрезсиз мәмлекет сыпатында биринши болып рәсмий тән алғаны, өткен дәўир даўамында өз-ара байланыслар динамикалық тәризде раўажланып атырғаны, әсиресе, соңғы үш жылда өз-ара бирге ислесиў ҳәр қыйлы тараўларда барған сайын тереңлесип атырғанын атап өтти.
Өз-ара сапар етиўлер даўамында Президентлер Шавкат Мирзиёев ҳәм Режеп Таййип Эрдоған Өзбекстан ҳәм Түркия арасындағы стратегиялық бирге ислесиўди жаңа басқышқа көтериўге қаратылған Биргеликтеги билдириў, еки мәмлекет ҳүкиметлери, министрликлер ҳәм уйымлардың арасында экономика, саўда-сатық, транспорт-логистика, санаат, энергетика, илим, билимлендириў, туризм ҳәм басқа да тараўларға байланыслы 40 қа шамалас ҳүжжетке қол қойылғаны бүгинги өз-ара бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығыўға хызмет етпекте.
Президент Шавкат Мирзиёевтиң 2017-жылы Түркияға мәмлекетлик сапары ўақтында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси менен Түркия Республикасы Уллы миллет мәжилиси арасында бирге ислесиў ҳаққындағы меморандумға қол қойылғаны, миллий парламентимиздиң Түркия парламенти менен байланысларын беккемлеў мақсетинде «Өзбекстан – Түркия» парламентлераралық дослық жәмәәтиниң дүзилгени айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
2018-жыл 30-апрельде Түркия Республикасының Президенти Режеп Таййип Эрдоған Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы шығып сөйлеген сөзинде түрк халқы Өзбекстанды ата журты, Өзбекстан халқын туўысқан халық, Өзбекстан Республикасын туўысқан мәмлекет сыпатында көретуғынын атап өтип, бул елде жетилисип шыққан Абу Райхан Беруний, Абу Али ибн Сино, Имам аль-Бухарий, Баҳауддин Нақшбанд, Ҳаким ат-Термизий сыяқлы уллы ойшыллардың илимий мийрасы бүгинги күнде де жәҳән илим дүньясында маяк болып нур таратып атырғанын айрықша атап өткен еди.
– Өзбек ҳәм түрк елиниң байланыслары узақ өтмишке барып тақалады, – дейди Түркияның мәмлекетимиздеги Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Меҳмет Сурейя Эр. – Тарийхтан бизге белгили, әййемги Мавераннаҳр да әҳмийетли цивилизация ҳәм билим ошағы болған. Ата журтымыз болған Өзбекстан менен өз-ара ҳүрмет, теңлик тийкарындағы жақсы қатнасықларын тереңлестириў тәрепдарымыз. Президентлер Режеп Таййип Эрдоған ҳәм Шавкат Мирзиёев Түркия ҳәм Өзбекстан арасындағы стратегиялық бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шықты. Өзбекстанда соңғы жылларда түпкиликли реформалар әмелге асырылмақта. Түркия усы реформаларға өз үлесин қосыў тилегинде.
Мағлыўматларға бола, жәҳән туристлик тараўында алтыншы орынды ийелеген Түркия бир жылда 36 миллион туристти қабыл етеди ҳәм усы тараўдан 34 миллиард доллар муғдарында дәрамат көреди. Өзбекстан пуқаралары ушын 2007-жылдан берли Түркияға визасыз кириў тәртиби енгизилген. Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң айрықша пәрманы менен түрк пуқаралары ушын да визасыз режим енгизилген. Әлбетте, бул түркиялы пуқаралар ҳәм исбилерменлердиң, туристлик тараўында жумыс жүргизиўши маман қәнигелердиң Өзбекстанға келиўин бир қанша әпиўайыластырмақта.
Өз-ара бирге ислесиўди және де раўажландырыў ушын еки мәмлекеттиң мәпи де, ең тийкарғысы, тилеги де бирдей екенлиги ҳәммени қуўандырады.
Нурилло НАСРИЕВ,
ӨзАның хабаршысы