USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Шемби, 4 Май

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

МИЙЎЕ-ОВОЩ ЖЕТИСТИРИЎ КЛАСТЕРЛЕРИН НӘТИЙЖЕЛИ ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЎ БОЙЫНША ЎАЗЫЙПАЛАР БЕЛГИЛЕНДИ

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 14-февраль күни мийўе-овощ жетистириў кластерлерин нәтийжели шөлкемлестириў, пахташылық кластерлери жумысын жетилистириў ҳәм мәмлекет мүтәжликлери ушын пахта ҳәм ғәлле жетистириў системасынан басқышпа-басқыш  бас тартыў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Аўыл хожалығы экономиканың раўажланыўын, халықтың бәнтлиги ҳәм дәраматларының өсиўин тәмийинлейтуғын ең әҳмийетли тараўлардан бири. Сонлықтан, оны заман талаплары, стратегиялық қатнаслар тийкарында раўажландырыў илажлары көрилмекте.

Мәмлекетимиз басшысының 2019-жыл 23-октябрьдеги пәрманы менен Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығын раўажландырыўдың 2020-2030-жылларға бағдарланған стратегиясы қабыл етилди. Олий Мажлиске Мүрәжатта барлық тараўлар қатары аўыл хожалығы бойынша да анық бағдарлар көрсетип өтилди.

2025-жылға шекем мәмлекетимиз жалпы ишки өниминиң көлемин 100 миллиард доллар, жыллық экспортты 30 миллиард долларға жеткериў мақсет етилген. Бул көрсеткишлерге ерисиў ушын аўыл хожалығы тараўында да оғада үлкен резерв ҳәм имканиятлар бар.

Мийўе-овощ экспортын системалы шөлкемлестириў, өним ислеп шығарыўшы менен экспортёр арасында өз-ара қатнасықларды дурыс жолға қойыў мақсетинде мийўе-овощ жетистириў ҳәм жүзим жетистириўде де кластер системасы енгизилмекте. Мәмлекетимиз басшысының 2019-жыл 11-декабрьдеги қарары менен бул бағдардағы барлық шөлкемлестириўшилик-хуқықый тийкарлар жаратып берилди.

Видеоселектор мәжилисинде мийўе-овощ жетистириў ҳәм жүзим жетистириў кластерлериниң жумысын нәтийжели шөлкемлестириўге қаратылған тийкарғы ўазыйпалар додаланды. Бәринен бурын, системадағы шәртнамалық қатнасықларды дурыс қәлиплестириў, өним жетистириўши, қайта ислеўши ҳәм экспортшының мәпи, миннетлемеси ҳәм жуўапкершилигин анық белгилеў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Кластерлердиң усыныслары тийкарында экспортқа қолайлы егинлерди жайластырып, зәрүр туқымгершилик, нәл, минерал төгин, жанар май мәселесин шешиў ҳәм олардың тәмийинатын нәтийжели шөлкемлестириўге ўәлаятлар ҳәм районлар ҳәкимлериниң биринши орынбасарлары жеке жуўапкер етип белгиленди.

Орайлық банк ҳәм коммерциялық банклер басшыларының орынбасарларынан бири мийўе-овощ жетистириў кластерлерин айланба қаржылар менен тәмийинлеў ҳәм олар тәрепинен ислеп шығылған жойбарларды өз ўақтында қаржыландырыўға жуўапкер болады.

– Кластерлердиң жумысын жолға қойыўдағы тийкарғы мақсет – экспорттың көлемин арттырыў. Буның ушын болса жаңа базарлар табыў керек. Базар болмаса, экспорт та болмайды, кластер системасы да раўажланбайды. Соның ушын сырт еллердеги талапты турақлы үйренип, имканиятлардан нәтийжели пайдаланыў, экспортта избе-изликти тәмийинлеў керек, – деди Шавкат Мирзиёев.

«Ўзбекозиқовқатхолдинг» компаниясына шөлкемлестирилип атырған ҳәр бир кластер менен индивидуал шуғылланып, экспорт шәртнамаларын терең таллаў, айланба қаржылар ажыратылыўын есапқа алып, қосымша шәртнамалар дүзиўге жәрдем бериў ўазыйпасы жүкленди.

Мәжилисте ўәлаятлардың ҳәкимлери мийўе-овощ кластерлерин шөлкемлестириў, базарға қолайлы өнимлер жетистириў ҳәм қайта ислеў, экспорт көлемин ҳәм географиясын кеңейтиў бағдарындағы режелер бойынша мәлимлеме берди.

Пахта жетистириў кластерлериниң жумысын жетилистириў, мәмлекет мүтәжликлери ушын пахта ҳәм ғәлле жетистириў системасынан басқышпа-басқыш бас тартыў мәселелери де мәжилисте ҳәр тәреплеме додаланды.

Президентимиз Олий Мажлиске Мүрәжатында усы өнимлерди базар принциплери тийкарында сатып алыў системасына басқышпа-басқыш өтиў зәрүр екенлигин атап өткен еди.

Бизге белгили, бул бойынша биринши қәдем сыпатында қәлипли нан, ун, бийдай, шигит, пахта майының баҳасы еркинлестирилген еди. Усыған пуқта таярлық көрилгенлиги нәтийжесинде баҳаларда кескин өзгерис бақланбады. Пахта ҳәм ғәллеге мәмлекетлик буйыртпаны бийкар етиў мәселесинде де Жәҳән банки экспертлериниң қатнасыўында тийисли илажлар ислеп шығылды.

– Быйыл аўыл хожалығында үлкен реформаларды  баслап атырмыз. Ҳәкимлер бул мәселени терең түсинип, ишине кириўи шәрт. Енди артқа жол жоқ. Аўыл хожалығы өндирисин еркинлестирмесек, мәпдарлықты арттырмасақ, экономикалық өсиў ҳәм нәтийжелиликке ерисип болмайды, – деди Президентимиз.

Мәжилисте кластерлердиң жумысы нәтийжелилигин арттырыў ҳәм оларды қаржылай қоллап-қуўатлаў мәселеси де ҳәр тәреплеме талланды.

Әдиллик ҳәм Аўыл хожалығы министрликлерине кластерлердиң ҳуқық ҳәм миннетлемелерин белгилеп, олардың жумысын тәртипке салыў бойынша көрсетпе берилди.

Пахта жетистириўдиң әмелдеги системасы фермерлер ҳәм кластерлер арасында финанслық жақтан көплеген сораўлар келтирип шығармақта. Бул, бир жағынан, пахтаны қайта ислеў ҳәм таяр өним ислеп шығарыўға қаржы жетиспеўшилигине алып келсе, екиншиден, пахта жетистирген фермер хожалықлары менен есап-санақ жүргизиў имканиятын шеклеп қоймақта.

Сол себепли, кластерлерди қаржыландырыў системасын жетилистириў, оларда өним ислеп шығарыў ҳәм қа         йта ислеўди айрықша жумыс түри сыпатында кредитлеў системасын енгизиў зәрүрлиги атап өтилди.

Пахта-тоқымашылық кластерлери шөлкемлестирилмеген орынларда пахта тазалаў заводлары негизинде фермерлер кооперациялары жолға қойылатуғын болды. Бул тәжирийбе Түркияда өзин ақлаған. Усы системаның ең әҳмийетли тәрепи – фермерлер тек пахта шийки затын емес, ал оны қайта ислеўден алынған өнимлерди (талшық, шигит, шрот, шелуха) сатыўдан да мәпдар болады.

Және бир әҳмийети, пахта жетистириўде бәсеки қәлиплеседи. Кластерлер ҳәм кооперативлердиң арасында бәсеки болса, буннан тек ғана фермерлер, яғный жердиң ийелери – дийқанлар мәпдар болады.

Пахта ҳәм ғәлле жетистириўде мәмлекетлик буйыртпа бийкар болса, алдынғыдай режениң артынан қуўыў сапластырылады. Енди ҳәкимлер халық депутатлары Кеңеси менен бирге егислик жерлерден нәтийжели пайдаланыў ҳәм егин түрлерин дурыс жайластырыўға жуўапкер болады. Олар, сондай-ақ, аўыл хожалығы инфраструктурасын жақсылаў, ирригация тармақларын оңлаў, суў үнемлеўши технологияларды енгизиў, усы мақсетлерге ажыратылып атырған қаржылар ҳәм субсидиялардан нәтийжели пайдаланыў жумысларын шөлкемлестиреди. Дийқанларға сервис хызметин көрсетиў, зыянкеслерге қарсы гүресиў, пахта териминде механизация дәрежесин арттырыў илажларын да көреди.

Видеоселектор мәжилисинде ғәлле өнимлерин ғамлаў мәселесине де айрықша итибар қаратылды.

Атап өтилгениндей, ғәллени мәмлекет зәрүрлиги ушын мәжбүрий сатып алыў системасынан мәмлекетлик резервлер системасына өтилмекте ҳәм фермерлерге ғәллени еркин сатыў ҳуқықы берилмекте. Бул мәселе азық-аўқат қәўипсизлиги менен байланыслы болғаны ушын мәмлекетке мәжбүрий ғәлле сатыў системасы еки басқышта бийкар етилиўи режелестирилген.

Быйыл жетилистирилетуғын ғәлле зүрәәтинен мәмлекет зәрүрликлери ушын сатылатуғын көлеми азайтылады. Яғный, мәмлекетимиз бойынша быйыл  қосымша 1 миллион тоннадан аслам ғәлле фермерлерде қалады. 2021-жылдың зүрәәтинен баслап болса мәмлекетке ғәлле сатыў режеси толық бийкар етилип, өнимди базар баҳаларында сатып алыў жолға қойылады.

Президентимиз бул өзгерислердиң әҳмийетин айрықша атап өтип, жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берди.

Видеоселектор арқалы орынлардағы кластерлердиң басшылары менен сөйлесиўде лимон жетистириўди раўажландырыў мәселесине де айрықша итибар қаратылды. Мәмлекетимиз басшысы лимон жетистириў дәраматлы тараў екенлигин атап өтип, аймақларда лимон атызларын шөлкемлестириў бойынша өз усынысларын берди. Усы мақсетлер ушын «Туранбанк» АКБ тәрепинен 100 миллион доллар муғдарында кредит қаржылары ажыратылыўы белгиленди.

Жер ажыратыў бағдарындағы машқалалар көрип шығылды. Суўғарылатуғын майданларды талан-тараж етиўге шек қойыў, ҳәр бир қарыс жерден халықтың мәпи жолында нәтийжели пайдаланыў зәрүрлиги атап өтилди. Соннан келип шыққан ҳалда, орынлардағы жуўапкерлердиң жуўапкершилигин арттырыў бойынша тийисли ўазыйпалар белгилеп берилди.

Мәжилисте додаланған мәселелер бойынша тараўдың жуўапкерлери, аймақлар ҳәм тармақлардың басшылары мәлимлеме берди.

 

ӨзА