Быйылғы жылдағы жоқары оқыў орынларына қабыллаўда Қарақалпақстан Республикасы бойынша 70 мыңнан аслам абитуриент ҳүжжет тапсырыўы күтилмекте. Бул ҳаққында бизге Мәмлекетлик тест орайының Қарақалпақстан Республикалық бөлими баслығы Музаффар Абдуллаев мәлим етти.

Оның атап өтиўинше, быйыл улыўма билим бериў мектеплери ҳәм орта арнаўлы билимлендириў мәкемелерин 35 мыңнан аслам оқыўшылар питкерип шығады.

Еслетип өтемиз, өткен жылы Қарақалпақстан Республикасында 52 292 абитуриент ҳүжжет тапсырған болып, тест сынаўларында улыўма 51 409 абитуриент қатнасты.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.