«Илим, мәрипат ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламасы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Президенти Пәрманының жойбары ҳәм 2020-жыл Мәмлекетлик бағдарламасы жойбары жәрияланды.

Ҳүжжет пенен кредитти өз ўақтында төлеў имканияты болмаған пуқараларға қосымша имканият жаратылады.

Өзбекстан Республикасы Орайлық банки Қаржы министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине айрықша жағдайлар жүзеге келгенлиги, соның ишинде жумыс орны ҳәм мийнетке жарамсызлығы мүнәсибети менен пуқараларға ипотека кредитлерин төлеўди кешиктириў имканиятын беретуғын «ипотека кредити бойынша каникул»ды мәжбүрий тәртипте банк системасына енгизиўди нәзерде тутатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар бойынша усыныслар киргизеди.

Халықты социаллық қорғаў концепциясы ислеп шығылады.

Жойбарда:

  • * социаллық напақа төлеўдиң жетилискен системасын енгизиў, соның ишинде, кем тәмийинленген шаңарақларға жәрдем бериў көлемин кеңейтиў;
  • * бюджет қаржыларының мақсетли жумсалыўын тәмийинлеў;
  • * напақа тайынлаўдағы нормаларды қайта көрип шығыў ҳәм оны белгилеўде ашық-айдын ҳәм әдил системаны жаратыў;
  • * социаллық напақа бойынша бир уйымға мүрәжат етилгенинен кейин, сол уйымның өзи бир күнде барлық ҳүжжетлерди таярлайтуғын системаны жаратыў;
  • * өзгелердиң күтимине мүтәж жалғыз баслы кекселер ҳәм майыплығы болған шахсларға «Мүриўбет» ҳәм «Сақаўат» үйлеринде стационар шараятта медициналық-социаллық хызметлер көрсетиў системасын түп-тийкарынан жетилистириў;
  • * ажыратылып атырған социаллық төлемлердиң муғдарын қайта көрип шығыў;
  • * пуқараларға мәмлекет тәрепинен көрсетилип атырған, министрликлер, уйымлардың арасында бөлинип кеткен социаллық тәмийнат ҳәм социаллық хызметлерди бир-бирине муўапықластырыў;
  • * бирден-бир реестр шөлкемлестириў арқалы социаллық тәмийнат ҳәм социаллық хызметлерди бирден-бир мәлимлеме коммуникация системасына өткериў;

«Меҳрибанлық үйлери»нде тәрбияланған жаслардың социаллық бейимлесиўи, атап айтқанда оларды жумыс, турақ жай менен тәмийинлеў бойынша өз алдына бағдарлама ислеп шығыў нәзерде тутылады.

 

ӨзА