Глобаллық машқалаға айланған коронавирус тек ҳаўа-тамшы жолы арқалы ямаса вирус жуқтырған адам менен контакт себепли ғана жуқпайды екен. Қытай Денсаўлықты сақлаў миллий комиссиясының мәлим етиўинше, смартфон да оның тасыўшысы болыўы мүмкин.
Қәнигелердиң түсиник бериўинше, телефонлардың корпусында ҳәм әсиресе, смартфонлардың дисплейинде көп муғдарда шаң, бактерия, силекей ҳәм басқа да вирус тасыўшы затлар жыйналады. Бундай қурылманы ислеткен адам қоллары менен өзиниң жумсақ қабатлы ағзаларына (ерни, мурны ямаса көзине) тийсе, вирус өтиўи мүмкин.
Сол себепли қәнигелер қытайлыларға смарфтонды дизенфекциялаў жолларын усынған. Коронавирустың қәўипи пүткил сапластырылыўы ушын оны 56 дәрежели температурада ярым саат даўамында қалдырыў керек екен. Онда қурылманың бул ыссылықта ислемей қалыўы енди оның моделине байланыслы.
Сондай-ақ, дезинфекция ушын водород пероксиди, уксус кислотасы ямаса хлороформ менен жақсылап сыпырыў да смартфонды коронавирустан тазалайды.
Буннан тысқары, Цзилинь университети биринши емлеўханасы улыўма медицина бөлиминиң бас врачы Инь Хунмэй және бир жолын айтқан. Оған бола, қурылмаларды коронавирустан тазалаў ушын 75 процентлик спирт пенен сыпырса да болады екен.
ӨзА