Қарақалпақстан Республикасы экономикалық судының басламасы менен Республика ҳәм районлараралық экономикалық судларының судьялары ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Салық басқармасының, Нөкис қаласы ҳәм барлық районлардағы салық инспекцияларының жуўапкер хызметкерлериниң қатнасыўында «Жаңа редакцияда қабыл етилген Өзбекстан Республикасы Салық кодексин әмелиятта қолланыў мәселелери» темасында конференция болып өтти.

Қарақалпақстан Республикасы экономикалық судының судьясы Г.Ешназарова басқарып барған конференцияда Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң тиккелей басламасы менен суд-ҳуқық системасында әмелге асырылып атырған тарийхый реформалар ең алды менен пуқаралардың ҳәм юридикалық тәреплердиң Конституцияда ҳәм нызамларда белгиленген ҳуқық ҳәм еркинликлериниң, мәплериниң әмелде кепилликли қорғалыўын тәмийинлеў арқалы олардың суд уйымларына болған исенимин беккемлеўге хызмет етип атырғаны айрықша атап өтилди. Илажда экономикалық судларда ҳәм салық уйымларында жаңа редакциядағы Салық кодекси талапларына муўапық дурыс әмелиятты жолға қойыў, қәте ҳәм кемшиликлердиң алдын алыў мәселелери бойынша пикир алысылды.

Конференцияда Қоңырат районлараралық экономикалық судының баслығы ўазыйпасын ўақытша атқарыўшы А.Аяпов «Жаңа редакцияда қабыл етилген Өзбекстан Республикасы Салық кодекси талапларына муўапық экономикалық судларда салық қарызларын өндириў мәселелери» темасында, Нөкис районлараралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов «Өзбекстан Республикасы Салық кодексине муўапық финанслық санкцияларын қолланыў» темасында баянат жасап, жаңа редакциядағы Салық кодексине юридикалық тәреплер ушын киргизилген жеңилликлер бойынша пикирлерин билдирди.

– Бүгинги илажда «Жаңа редакциядағы Салық кодексиниң мазмун-мәниси ҳәм әмелге асырылыўы керек ўазыйпалар» темасындағы баянатым менен қатнастым, – дейди Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасының бөлим баслығы А.Утеев. – Баянатым даўамында елимизде 480 статьядан ибарат жаңа редакциядағы салық кодекси менен исбилерменлерге, улыўма салық төлеўшилерге жаратылған қолайлықлар, салық төлеў тәртиби ҳәм мүддетлери ҳаққында түсиниклер берип өттим.

Илажда жаңа салық системасы бойынша конференция қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға толық жуўап алды. Сондай-ақ, районлараралық экономикалық судларына қала ҳәм районлардағы салық инспекциялары менен Салық кодексин әмелиятта қолланыўды жолға қойыў, тараўда алып барылып атырған реформалардан халықты хабардар етиў бағдарында бирге ислесиўди күшейтиў сыяқлы бир қатар ўазыйпалар жүкленди.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.