Пайтахтымыздағы Олимпиада данқ музейинде Майами-Бич қаласында (АҚШ) профессионал бокстың WBA  ҳәм IBF бағдарлары бойынша ярым жеңил салмақ түринде жеңиске ерискен Өзбекстан миллий сайланды командасының ағзасы Муроджон Аҳмадалиевти сыйлықлаў мәресими өткерилди.

Онда Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйи А.Абдувоҳидов, Бас министрдиң биринши орынбасары, бокс федерациясының баслығы О.Раматов, денетәрбия ҳәм спорт министри Д.Набиев, Миллий олимпиада комитетиниң баслығы Р.Шоабдураҳмонов, тийисли министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары, кең жәмийетшилик ўәкиллери, ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери, спорт федерациялары басшылары қатнасты.

4.jpg

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында ҳәр тәреплеме бәркамал әўладты өсириўдиң әҳмийетли қуралы сыпатында денетәрбия ҳәм спортты раўажландырыўға айрықша итибар қаратылып атырғанлығы, оның нәтийжесинде Өзбекстанда көплеген спорт түрлери сыяқлы ҳәўескер ҳәм профессионал бокс та жаслар арасында жедел раўажланып атырғанлығы атап өтилди.

Бүгинги күнде өзбек бокс мектеби тәрбияланыўшылары спорт әлеминиң барлық абырайлы жарыслары – Олимпиада ҳәм Азия ойынлары, жәҳән ҳәм континент чемпионатында сайланды командамыз 3 алтын, 1 гүмис ҳәм 1 бронза медалды қолға киргизди ҳәм улыўма командалық есапта биринши орынды ийеледи.

7.jpg

Күни кеше болса Флорида штатындағы Майами-Бич қаласында (АҚШ) Муроджон Аҳмадалиев жәҳән бокс ассоциациясы – WBA ҳәм халықаралық бокс федерациясы – IBF бағдарлары бойынша жәҳән чемпионлығы белбеўин қолға киргизип, Өзбекстанымыздың атын дүньяға және бир есеге арттырды.

Президентимиздиң тийисли пәрманына муўапық, Америка Қурама Штатларының Майами қаласында профессионал бокс бойынша болып өткен жарыста жоқары күш-ғайратын ҳәм шеберлигин көрсетип, елимизде бокс спорты тарийхында биринши мәртебе WBA ҳәм IBF бағдарларында жеңиске ерисип, рекорд нәтийжесин көрсеткени және жасларымызға ибрат үлгисин көрсетип, олардың санасында миллий мақтаныш, ана Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық сезимлерин күшейтиў бағдарындағы үлкен хызметлери ушын бокс бойынша Өзбекстан миллий сайланды командасының ағзасы Аҳмадалиев Муроджон Қаҳҳор улына «Ўзбекистон ифтихори» ҳүрметли атағы берилди.

17.jpg

– Президентимиздиң спортшыларға билдирип атырған үлкен исеними, үстазлардың кеңеси ҳәм қоллап-қуўатлаўы себеп улым Муроджон профессионал бокс бойынша жәҳән чемпионына айланды, – деди Ойша Фаёзова. – Мәмлекетимиз басшысының перзентимниң мийнетлерин жоқары баҳалағаны ҳәм оған болған исеними менен мақтанаман.

Жеңимпаз спортшымызды хошаметлеў мақсетинде мәмлекетимиз басшысы атынан Ташкент қаласында жайласқан квартира гилти ҳәм «Chevrolet Tracker» автомобили тапсырылды.

Илажда Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Арипов шығып сөйледи.

 

Жавоҳир ТОШХЎЖАЕВ,

ӨзАның хабаршысы