Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң парламентке жоллаған Мүрәжатында турмысымыздағы барлық тараўлар қамтып алынған ҳәм усы тараўларды раўажландырыў бойынша баслы ўазыйпалар белгилеп берилди.

Сол қатары, суд-ҳуқық тараўында да жаңа өзгерислер, реформалардың болыўы күтилмекте. Яғный, мүрәжатта 16 нызамның, 6 кодекстиң, 5 концепцияның,  5 бағдарлама ҳәм 4 стратегияның қабыл етилиўи және көрип шығылыўы нәзерде тутылған. Атап айтқанда, жаңадан Экология кодексин, «Мәмлекет қарызы ҳаққында»ғы ҳәм «Киши бизнес ҳәм орта бизнес ҳаққында»ғы Нызамларды, «Санлы Өзбекстан – 2030» бағдарламасын, Инсан ҳуқықлары бойынша миллий стратегиясын қабыл етиў ўазыйпалары белгиленгенлигин атап өтиўге болады.

Мәмлекет экономикасының раўажланыўында исбилерменлик субъектлериниң тутқан орны күн сайын артып бармақта. Исбилерменликти ҳуқықый жақтан қоллап-қуўатлаў мақсетинде бир қатар нызам ҳүжжетлерин жетилистириў мәселелерине де айрықша итибар қаратылды. Атап айтқанда, лицензиялаў ҳәм рухсатнамалар бериў тәртибин өзгертиў керек екенлигин ҳәм олардың санын 2-3 есеге қысқартыў бойынша Әдиллик министрлиги, Саўда-санаат палатасы, Бизнес-омбудсманға усы жылдың 1-март сәнесине шекем анық усыныс киргизиў ҳәм «Киши ҳәм орта бизнес ҳаққында»ғы Нызам жойбарын ислеп шығыў ўазыйпасы белгилеп берилди. Сондай-ақ, исбилерменлик тараўында жәмийетлик қәўпи үлкен болмаған айырым жынаят түрлерин жынаят топарынан шығарыў, юридикалық шахс болған исбилерменлик субъекти ағзаларына «жынайый шөлкем» сыпатында баҳалаў тәртибин бийкар етиў бойынша нызам жойбарын 2020-жыл 1-апрельге шекем ислеп шығыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Соны айрықша атап өтиўимиз керек, мүрәжатта атқарыўшы ҳәм ўәкилликли уйымлардың мәмлекетлик басқарыўдағы роли менен жуўапкершилигин және де арттырыў мәселелери де сын көзқарастан баҳаланды. Яғный, ҳәкимлердиң 300 ге шамалас ўазыйпа ҳәм функцияларынан 175и мазмун-мәниси жағынан ҳәкимлердиң тийкарғы ўазыйпаларына кирмейтуғынлығы ҳәм ҳәр қыйлы мәкемелердиң функцияларын қайталайтуғынлығын есапқа алып, Олий Мажлис Сенатына Әдиллик министрлиги менен биргеликте ҳәкимлердиң ўәкилликлерин қайта көрип шығыў бойынша усыныс таярлаў тапсырылды.

Бәршемизге белгили, ҳәр бир тараўдың раўажланыўына кесент ететуғын иллет бул – коррупция болып табылады. Коррупцияға қарсы гүресиўди системалы шөлкемлестириў мақсетинде Парламент ҳәм Президентке бойсынатуғын Коррупцияға қарсы гүресиўге жуўапкер болатуғын өз алдына уйым шөлкемлестириўди усыныс етти.

Бүгинги күни санлы экономика, ашық-айдынлық, суд системасының еркинлиги, нызам үстинлиги тийкарғы мәселе етип белгиленип атырған заманда ҳәр бир мәмлекетлик уйымда жумыс ислеўши хызметкерлер елимиз басшысы атап өткениндей, ҳадаллық вакцинасына ийе болыўы керек. Себеби, коррупция иллетиниң алды алынбаса алдымызға қойған мақсетлеримизге ерисе алмаймыз.

Президентимиздиң мүрәжатында атап өтилген барлық мәселелер тийкарында биз алдымыздағы ўазыйпаларды белгилеп алдық.

А.АТАЖАНОВ,

Қарақалпақстан Республикасы

Әдиллик министриниң биринши орынбасары.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.