Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 28-январь күни туризмди раўажландырыў, денетәрбия ҳәм спортты және де ғалаба ен жайдырыў мәселелерине бағышланған мәжилис өткерди.

Бүгинги күнде жәҳән туризм базарының көлеми дерлик 9 триллион долларды қурамақта. Дүньяда жумыс пенен бәнт халықтың ҳәр оныншысы усы тараўда жумыс алып бармақта.

Таллаўларға бола, туристлер ҳаўа транспортында ушыў ўақты 5 саатқа шекем болған еллерге ең көп саяхат етеди. Мәмлекетимиздиң әтирапында бундай аралықта 60 қа шамалас мәмлекет, 3 миллиард халық бар. Жылына олардың дерлик 360 миллионы сырт елге саяхат етеди. Бул үлкен туризм базары дегенди аңлатады.

Өткен жылы елимизге 6,7 миллион турист келди. Елимиз 10 нан аслам абырайлы халықаралық басылымларда ең тартымлы туристлик жер сыпатында тән алынды.

Президент Шавкат Мирзиёев өзиниң жақында Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатында туризмди экономиканың стратегиялық тармағына айландырыў тийкарғы ўазыйпа екенин атап өтти.

Усы жылы сырт елден келетуғын туристлердиң санын 7,5 миллионға, 2022-жылы 10 миллионға ҳәм 2025-жылы 12 миллионға жеткериў режелестирилген. Бул арқалы туризм хызметлериниң экспорты усы жылы 1,5 миллиард доллар, кейинги 5 жылда 3 миллиард долларға шекем арттырылады.

Мәмлекетимиз басшысының ҳәрекети, атап айтқанда, 2018-жыл 7-февральдағы «Ишки туризмди жедел раўажландырыўды тәмийинлеў илажлары ҳаққында»ғы қарары себепли ҳәм халқымыздың абаданлығы артқан сайын ишки туризм де кеңейип бармақта. Бирақ, мәжилисте атап өтилгениндей, жәҳән стандартларына сәйкес мийманлар, қәнигели гидлер жетиспейди.

Сол себепли мийманханаларды усы жылы 1 мың 700 ге, келеси 5 жылда 3 мыңға шекем көбейтиў керек. Шаңарақлық мийман үйлерин де 2 мыңға жеткериў зәрүр. Булар арқалы туризм тараўында жылына кеминде 30 мың жаңа жумыс орнын жаратыў мақсет етилген.

Сын көзқарастан таллаў руўхында өткен мәжилисте усы нәтийжелерге ерисиў ушын әмелге асырылыўы зәрүр болған илажлар додаланды.

Туризмниң дәстүрий түрлериниң қамтып алыныўын кеңейтиў менен бирге жаңа көринислерин көбейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Елимиз жоқары потенциалға ийе болған кардиология, урология, стоматология, офтальмология сыяқлы медициналық бағдарларда туризмди раўажландырыў, саламатландырыў ҳәм дем алыў орынларына стратегиялық инвесторларды тартыў бойынша тапсырмалар берилди. ҒМДА мәмлекетлериниң кәсиплик аўқамлары менен жақын байланысларды жолға қойып, туристлердиң санын кескин арттырыў мүмкин екенлиги атап өтилди.

Туризмди раўажландырыў  бойынша мәмлекетлик комитети ҳәм Мәденият министрлигине туризм маршрутына киргизилген объектлердиң санын усы жылы 800 ге, 2025-жылы болса 2,5 мыңға жеткериў ўазыйпасы қойылды.

Қысқы туризмди раўажландырыў бойынша 2020-2025-жылларға мөлшерленген инвестициялық жойбарларды ислеп шығып, әмелге асырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Мәмлекетимизде самолёт ҳәм поездларда хызмет көрсетиўдиң сапасы төмен екенлиги, билетлердиң баҳасы болса қымбат екенлиги жолаўшылардың орынлы наразылықларына себеп болмақта. Ақыбетте көпшилик сырт елли тасыўшылардың хызметин таңламақта. Темир жол ҳәм авиа жөнелислеримиз кең көлемли ҳәм бәсекиге шыдамлы емес екенлиги атап өтилди.

Транспорт министрлиги ҳәм Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетине Өзбекстанның 4 аэропортында енгизилген «ашық аспан» режиминен толық пайдаланыў, жаңа авиа жөнелислер ашыў, тезжүрер поездлардың санын көбейтиў, билетлердиң баҳасын арзанлатыў бойынша көрсетпелер берилди.

Жолбойы туризм инфраструктурасын раўажландырыў, «туризм аўылы» ҳәм «туризм мәҳәллеси» жойбарларын әмелге асырыў мәселелерине де тоқталып өтти.

Өткен жылы сырт ел компаниялары тәрепинен мәмлекетимизде 1,6 миллион долларлық 6 көркем фильм сүўретке алынды. Сонда қәрежетлердиң бир бөлегин Өзбекстан тәрепинен қаплаў системасы жолға қойылса, бул мәденият туризминиң раўажланыўына үлкен түртки бериўи менен бирге елимиздиң халықаралық майданда үгит-нәсиятлаўына да үлес қосады.

«Өзбеккино» Миллий агентлигине сырт елли компаниялар менен бирге ислесиўди раўажландырыў, елимизде сүўретке алыў механизмлерин енгизиў бойынша тапсырмалар берилди.

Туризм тараўында кадрлар мәселесине итибар қаратылып, 20 жоқары билимлендириў мәкемесинде және Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетине бириктирилген 3 техникум ҳәм 9 колледжде жумысшы кәсиплер таярлаў системасын енгизиў бойынша еле көп машқалалар өз шешимин таппағаны атап өтилди. Оқыў процесинде алдынғы тәжирийбелерди енгизиў бойынша ўазыйпалар белгиленди.

Мәжилисте денетәрбия ҳәм спортты раўажландырыў мәселелери де додаланды.

Мәмлекетимиз басшысының усы жылы 24-январьда қабыл етилген «Өзбекстан Республикасында денетәрбия ҳәм спортты буннан былай да жетилистириў ҳәм ғалаба ен жайдырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы тараўдың келеси раўажланыўына тийкар жаратты.

Пәрманда барлық район ҳәм қалаларды кеминде 3 спорт түрине қәнигелестириў арқалы үлкен спортқа сапалы резерв қәлиплестириў системасын жолға қойыў илажлары белгиленди.

Усы жылы 269 футбол, волейбол, баскетбол ҳәм бадминтон майданлары, 178 бокс, гүрес, фитнес ҳәм гимнастика спорт заллары, 32 теннис кортын қурыў ўазыйпасы қойылып, оның финанслық дәреклери шешип берилди.

Мәжилисте бул пәрманда белгиленген ўазыйпалардың орынланыўына байланыслы мәселелер көрип шығылды.

Денетәрбия ҳәм спорт министрлигине ҳәр бир район кесиминде интакерлерди анықлап, Қурылыс министрлиги менен биргеликте арзан ҳәм энергияны үнемлейтуғын спорт объектлерин қурыў бойынша үлги жойбарларды таярлаў ўазыйпасы тапсырылды.

Спорт ҳәм денетәрбия менен турақлы шуғылланатуғын халықтың улыўма санын усы жылы 18 процентке, 2025-жылы болса 30 процентке жеткериў, сондай-ақ, 7 жастан 30 жасқа шекемги жаслардың кеминде 30 процентин ғалабалық спортқа тартыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Мәмлекетимизде континент ҳәм жәҳән чемпионатлары және басқа да абырайлы халықаралық спорт жарысларын өткериў арқалы спорт туризмин раўажландырыў керек екенлиги атап өтилди.

Миллий спорт түрлери, атап айтқанда, гүрести буннан былай да раўажландырыў, оны Олимпиада ойынларының бағдарламасына киргизиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Мәжилисте усы жылы Токиода болып өтетуғын Олимпиада ҳәм Паралимпия ойынларына таярлық мәселесине айрықша итибар қаратылды.

Додаланған мәселелер бойынша жуўапкерлер мәлимлеме берди.

 

ӨзА