Қазақстан менен Өзбекстан «Сариарка Авто Пром» ТОО майданында биргеликте ислеп шығарылып атырған автомобильлердиң экспорт көлемин арттырыўға келисип алды, деп мәлим етти «NewTimes.kz»  мәлимлеме агентлиги «KazakhExport»  АЖ баспасөз хызметиниң хабарына сүйенген ҳалда.

Бирге ислесиў ҳаққындағы келисимге KazakhЕxport экспорт-қамсызландырыў АЖ компаниясының басқарма баслығы Руслан Исҳаков ҳәм Өзавтосанаат АЖның баслығы Шавкат Умурзақов қол қойды. Ҳүжжетке қол қойыў мәресими Chevrolet модельлериниң көргизбесинде болып өтти. Хабарда айтылыўынша, усы ушырасыўда Қазақстан Республикасының бас министри Асқар Мамин де қатнасқан.

Бул ҳүжжет Қазақстан автомобильлерин Өзбекстан Республикасына экспорт етиўди қаржыландырыўда KazakhЕxportтың қаржы-қамсызландырыў инструментлеринен пайдаланыўды нәзерде тутады. Қол қойылған ҳүжжет шеңберинде 11,8 миллион долларлық 766 дана JAC S3 ҳәм JAC S5 маркасындағы автомобильлерди Өзбекстан базарына жеткерип бериў бойынша саўда келисимине ерисилди.

Қытайдың JAC S3 кроссоверлери биринши рет Қазақстанға 2013-жылы кирип келген еди, 2017-жылға келип, бул модельлер Қазақстанда ислеп шығарыла баслады.

 

ӨзА