Президент Шавкат Мирзиёев 28-январь күни  транспорт системасын нәтийжели шөлкемлестириў бағдарындағы тийкарғы ўазыйпаларды додалаўға бағышланған мәжилис өткерди.

Усы тараўдағы мәмлекетлик басқарыў системасын түпкиликли жетилистириў, транспорт коммуникацияларын стратегиялық раўажландырыў ҳәм турақлы жумыс алып барыўды тәмийинлеў мақсетинде,  Президентимиздиң 2019-жыл 1-февральдағы пәрманына муўапық Транспорт министрлиги шөлкемлестирилген еди.

Бул бағдарда белгили дәрежеде жумыслар исленген болса да, мәмлекетимиздиң транспорт-транзит  потенциалынан толық пайдаланылмай атыр.

Халықаралық экспертлердиң жуўмағына бола, Өзбекстан транзит потенциалын ҳәзирги 7 миллион тоннадан 16 миллион тоннаға, 2030-жылда болса регионаллық жойбарларды әмелге асырыў есабынан 23 миллион тоннаға жеткериў имканияты бар.

Жәҳән банкиниң логистика рейтингинде елимиз 163 мәмлекет арасында 99-орында болып, халықаралық тасыўларды әмелге асырыўдың қолайлығы бойынша  120-орында көрсетилген.

Оптимал тариф сиясаты жоқ болғанлығы себепли транзит жүк ағымын тартыў ҳәм жергиликли товарлардың сыртқы базарларда бәсекиге шыдамлылығын арттырыў имканияты шекленбекте.

Мәжилисте транзит сиясатын пүткиллей қайта көрип шығыў Транспорт министрлигиниң ең әҳмийетли ўазыйпаларынан бири екенлиги атап өтилди.

Темир жол системасын түпкиликли реформалаў, тараўға жеке капиталды кеңнен тартыў бойынша көрсетпелер берилди.

Пуқаралық авиация тараўындағы жағдай да сынға алынды. Миллий авиакомпания негизинде шөлкемлестирилген «Uzbekistan Airways» ҳәм «Uzbekistan Airports» акционерлик жәмийетлери еркин шөлкемлер сыпатында жумысын толық жолға қоймағанлығы себепли реформалардың нәтийжеси көринбей атыр.

Сондай-ақ, өткен жылы 4 аэропортта «ашық аспан» режими енгизилип, «бесинши ҳаўа еркинлиги» орнатылған еди. Бирақ жағдай жолаўшылардың тийкарғы наразылығына, басқа сырт ел авиакомпаниялар хызметинен пайдаланыўына себеп болмақта.

Сонлықтан, Жәҳән банкиниң усыныслары тийкарында тараўда алып барылып атырған реформаларды толық жуўмағына жеткериў ҳәм бәсеки орталығын жаратыў бойынша тапсырмалар берилди.

Наўайы ҳәм Термиз халықаралық аэропортларын жүк тасыў хабына айландырыў мақсетинде «ашық аспан» режимин енгизип, сырт ел жүк тасыйтуғын авиакомпанияларын кеңнен тартыў ўазыйпасы белгиленди.

Жаңа авиакомпаниялардың жумысы ушын шараят жаратыў ҳәм пәрўазлар географиясын және де кеңейтиў әҳмийетлилиги атап өтилди.

Автомобиль ҳәм жәмийетлик транспорт тараўында да белгили дәрежеде кемшиликлер бар.

Халыққа қолайлы ҳәм сапалы автотранспорт хызмет көрсетиўди тәмийинлеў мақсетинде жөнелислер ушын ашық тендерлер өткериў, жәмийетлик транспортқа байланыслы тариф ҳәм тәртиплерди қайта көрип шығыў, санластырыў зәрүрлиги атап өтилди.

Мәмлекетимизде автомобиль жолларының жағдайын жақсылаў мәселесине де итибар қаратылып, халықаралық экспертлерди тартқан ҳалда, тез арада Автомобиль жолларын раўажландырыў стратегиясын ислеп шығыў бойынша көрсетпелер берилди.

Транспорт министрлиги жанындағы қадағалаў уйымларының жумыс усылы ескише екенлиги атап өтилип, олардың жумысын заманагөй  талаплар тийкарында жетилистириў зәрүрлиги атап өтилди.

Жуўапкерлер мәжилисте атап өтилген машқалаларды шешиў ҳәм тийкарғы ўазыйпаларды орынлаў режелери бойынша мәлимлеме берди.

 

ӨзА