Қытайда жаңа түрдеги коронавирустан наўқасланғанлардың саны 4515 адамға жетти, олардың 106 сы қайтыс болған, делинеди Қытай денсаўлықты сақлаў мәселелери бойынша мәмлекетлик комитети тарқатқан хабарда.

Бир күн алдын 2744 адам аўырыўға шалынған ҳәм қайтыс болғанлардың саны 80 адамды қурағаны ҳаққында айтылған еди.

Бир күнде және 1771 адам усы вирусты жуқтырғаны, сондай-ақ, 26 адам апаттың қурбанына айланғаны мәлим болды.

Қытай ҳүкиметиниң мәлим етиўинше, 976 адам аўыр жағдайда жатыр, 60 адамға үйине жуўап берилген. Буннан тысқары, жақында және 6973 адам вирусты жуқтырған.

Экспертлердиң атап өтиўинше, 2019-nCoV коронавирусы адамнан адамға жуғады. Күни кеше, Қытай кеселликтиң алдын алыў ҳәм кесел арттырғанларды қадағалаў миллий орайының илимпазлары 2019-nCoV вирусы Ухань қаласындағы Хуанань усақлап сатыў базарында анықланғанын тастыйықлаған еди.

Буннан тысқары, бул вирус Чжэцзян ўәлаятындағы Чжоушань қаласында жасайтуғын жарғанатлар организминдеги коронавирусқа уқсап кететуғыны айтылды.

 

ӨзА