Соңғы жыллары исбилерменлик жумысларын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў, мәмлекеттиң экономикадағы қатнасыўын кемейтиў, исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықларын қорғаў, жеке меншиктиң үстинлигин еле де күшейтиў, бизнес басламаларды, стартапларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға қаратылған комплексли ҳәм структуралық реформалар әмелге асырылмақта.

Өткен жыллар ишинде мәмлекетимиз тәрепинен киши бизнес ҳәм исбилерменликти раўажландырыў, дизимнен өтиў ҳәм рухсат бериў ҳүжжетлерин алыў механизмин еле де әпиўайыластырыў бойынша алып барылып атырған, сондай-ақ, мәмлекетлик хызметлер көрсетиў системасы избе-излик пенен жетилистирилмекте ҳәм модернизацияланбақта, бул бағдарда инвестиция климатын, талапшаңлық, умтылыўшаңлық орталығын ҳәм бизнести раўажландырыў имканиятын беретуғын,олардың ҳуқық ҳәм нызамлы мәплерин қорғаўды күшейтиў бағдарында бир қатар Нызамлар, Пәрманлар, қарарлар ҳәм басқа да норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилди.

Усы тараўдағы мәмлекетлик сиясаттың және бир айқын мысалы Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 19-декабрь күнги «Ғалаба хабар ҳәм коммуникациялар тараўында мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң айырым ҳәкимшилик регламентлерин тастыйықлаў ҳаққында»ғы 1017-санлы қарары есапланады.

Қарар тийкарынан Өзбекстан Республикасының «Исбилерменлик искерлиги тараўындағы рухсат бериў тәртип-процедуралары ҳаққында»ғы нызам, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 27-июнь күнги «Ғалаба хабар қураллары еркинлиги тәмийинлеў және де мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң мәлимлеме хызметлери жумысларын раўажландырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-4366-санлы қарарына муўапық ғалаба хабар ҳәм коммуникациялар тараўында мәмлекетлик хызметлер көрсетиў системасын еле де жетилистириўден ибарат.

Бизнести жүргизиўдеги артықша бюрократиялық процесслерди түп-тийкарынан қысқартыў, исбилерменлик орталығын жақсылаўға қаратылған күшлерди жәмлеў мақсетинде атап өтилген қарар менен тараўдағы лицензиялаў ҳәм рухсат бериў тәртип-қағыйдалары бойынша мәмлекетлик сиясатының тийкарғы бағдарлары белгилеп берилди.

Усы қарар менен тастыйықланған ҳәкимшилик регламенлерге муўапық көрсетилетуғын мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыў ушын юридикалық ҳәм физикалық шахслар тек ғана Мәмлекетлик хызметлер орайына яки Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы мүрәжат етиўи керек.

Ғалаба хабар қуралларын мәмлекетлик дизимнен өткериў бойынша мәмлекетлик хызмет көрсетиўдиң ҳәкимшилик регламенти юридикалық ҳәм физикалық шахсларға ғалаба хабар қуралларын мәмлекетлик дизимнен өткериў бойынша мәмлекетлик хызмет көрсетиў тәртибин белгилейди.

 

Регламентке муўапық мәмлекетлик дизимнен өткерилиўи тийис болған ғалаба хабар қуралларына төмендегилер киреди:

-күнделикли басылымлар (газеталар, журналлар, хабарнамалар, бюллетеньлер, альманахлар ҳәм басқалар);

-теле-, радио-, видео-, кинохроникалық бағдарламалар, мәлимлеме агентликлери;

-өнимлери Интернет глобаллық тармағы арқалы тарқатылатуғын ғалаба хабар қураллары (газеталар, журналлар, хабарнамалар, бюллетеньлер, альманахлар, теле-, радио-, видео-, кинохроникалық бағдарламалар ҳәм басқалар);

-тийкарынан балалар, жас өспиримлер, майыплар ушын мөлшерленген, сондай-ақ, билимлендириў ҳәм мәдений-ағартыўшылық бағдарындағы ғалаба хабар қураллары (газеталар, журналлар, хабарнамалар, бюллетеньлер, альманахлар, теле-, радио-, видео-, кинохроникалық бағдарламалар ҳәм басқалар);

-рекламалық характерге ийе болған ғалаба хабар қураллары (рекламаға қәнигелескен газеталар, журналлар, буклетлер, теле-, радио-, видео-, кинохроникалық бағдарламалар ҳәм басқалар);

– ғалаба хабар қуралларының басқа түрлери (электрон тәризде тарқатылатуғын ғалаба хабар қураллары өнимлери ҳәм басқалар)

Рекламалық характерге ийе болған ғалаба хабар қураллары дегенде, күнделикли басылымының улыўма көлеминиң 40 процентинен, теле-, радио бағдарламалары еситтириўи ҳәм көрсетиўиниң ҳәр бир саатының 10 процентинен көбисин рекламалық хабарлар қурайтуғын ғалаба хабар қураллары түсиниледи.

 

Төмендегилерди мәмлекетлик дизимнен өткериў талап етилмейди:

-мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары тәрепинен тек ғана олардың рәсмий хабарлары ҳәм жумыслары менен байланыслы болған басқа материалларды дағаза етиў ушын шөлкемлестирилетуғын ғалаба хабар қураллары;

-кәрхана, мәкеме, шөлкем (соның ишинде оқыў ҳәм илимий мәкемелер)диң өз мүтәжлигин қанаатландырыў ушын тиражы жүз нусқаға шекем болған күнделикли басылымлары;

– тарқатылыўы бир кәрхана, мәкеме, шөлкем (соның ишинде оқыў ҳәм илимий мәкемелер)диң имараты ҳәм (яки) аймағы менен шекленген кабель тармақлары арқалы узатылатуғын теле-, радио-, видео-, кинохроникалық бағдарламалар, аудиовизуал хабарлар ҳәм материаллар.

 

Мәмлекетлик хызмет көрсетиўде:

а) Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги:

-тийкарғы бөлими Өзбекстан Республикасының пүткил аймағында, оның сыртында, оның еки яки буннан ҳәм көп ўәлаятлары (Қарақалпақстан Республикасы, Ташкент қаласы) аймақларында тарқатыў ушын мөлшерленген күнделикли басылымларды;

-мәлимлеме хызмети ҳәм мағлыўматлар узатыўды жетилистириў ҳәм нәтийжелилигин арттырыў бойынша мәкемелер аралық муўапықласытырыў комиссиясының қарарына муўапық теле-, радио бағдарламаларды;

-мәлимлеме агентликлерин;

-өнимлери Интернет жәҳән мәлимлеме тармағындағы веб-сайтлар арқалы электрон тәризде тарқатылатуғын басқа ғалаба хабар қураллары түрлерин мәмлекетлик дизимнен өткереди:

б) Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар аймақлық басқармалары тийкарғы бөлими бир ўәлаят (Қарақалпақстан Республикасы, Ташкент қаласы) аймақларында тарқатыў ушын мөлшерленген күнделикли басылымларды мәмлекетлик дизимнен өткереди.

 

Мәмлекетлик бажы муғдары төмендегише өндириледи:

– күнделикли басылымлар (газеталар, журналлар, хабарнамалар, бюллетеньлер, альманахлар ҳәм басқалар) – базалық есаплаў муғдарының 12,5 есеси;

– теле-, радио-, видео-, кинохроникалық бағдарламалар, мәлимлеме агентликлери – базалық есаплаў муғдарының 15 есеси;

– өнимлери Интернет глобаллық тармағы арқалы тарқатылатуғын ғалаба хабар қураллары (газеталар, журналлар, хабарнамалар, бюллетеньлер, альманахлар, теле-, радио-, видео-, кинохроникалық бағдарламалар ҳәм басқалар) – базалық есаплаў муғдарының 50 %;

– тийкарынан балалар, жас өспиримлер, майыплар ушын мөлшерленген, сондай-ақ, билимлендириў ҳәм мәдений-ағартыўшылық бағдарындағы ғалаба хабар қураллары (газеталар, журналлар, хабарнамалар, бюллетеньлер, альманахлар, теле-, радио-, видео-, кинохроникалық бағдарламалар ҳәм басқалар) – базалық есаплаў муғдарының 2,5 есеси;

– рекламалық характерге ийе болған ғалаба хабар қураллары (рекламаға қәнигелескен газеталар, журналлар, буклетлер, теле-, радио-, видео-, кинохроникалық бағдарламалар ҳәм басқалар) – базалық есаплаў муғдарының 25 есеси;

– ғалаба хабар қуралларының басқа түрлери (электрон тәризде тарқатылатуғын ғалаба хабар қураллары өнимлери ҳәм басқалар) – базалық есаплаў муғдарының 12,5 есеси.

Ғалаба хабар қуралларын, басып шығарыў ҳәм баспаға таярлаў жумысларын қайта дизимнен өткергени ушын мәмлекетлик дизимнен өткериўде көзде тутылған мәмлекетлик бажы суммасының 50% и муғдарында мәмлекетлик бажы өндириледи.

Басып шығарыў кәрханасы өз алдына юридикалық шахс cыпатында яки хызмет көрсетип атырған юридикалық шахстың қурамлық структурасы сыпатында шөлкемлестирилиўи мүмкин.

Физикалық шахслар баспаға таярлаў жумысларын әмелге асырыў ушын жеке тәртиптеги исбилермен сыпатында белгиленген тәртипте дизимнен өтиўи лазым.

Басып шығарыў жумыслары баспа өнимлериниң қәлиплерин таярлаў, сондай-ақ, печать ҳәм штамплар соғыў, басып шығарыў, түплеў ҳәм басып шығарылғаннан кейинги процесслер болып табылады. Усы процесслердиң барлығы яки өз алдына процесси ҳәм басып шығарыў жумыслары болып есапланады.

 

Басып шығарыў жумыслары төмендеги процесслерден ибарат:

1) баспа өнимлериниң қәлиплерин таярлаў – бул басып шығарыўға шекемги болған процесс болып, текст ҳәм сүўретлер тийкарында офсет, трафарет яки шайы трафарет, флексо, жоқары баспа, терең баспа, термо баспа ҳәм тампо баспа усылларында басып шығарыў ушын баспа қәлиплерин таярлаў;

 

2) Басып шығарыў усыллары:

-офсет усылында басып шығарыў – басып шығарыў жумысларында тийкарынан көп тиражлы басып шығарыў өнимлерин таярлаўда пайдаланыўдағы процесс болып, текст ҳәм сүўретлерди фото қәлиплерден қағазға өткерип басып шығарыў усылы;

-флексо усылында басып шығарыў – фотополимер шийки заты яки жумсақ резинадан рельефли басып шығарыў қәлиби яки суйық бояўлар менен басып шығарыў усылы болып, қағаз, полиэтилен ҳәм усы түрдеги басқада материалларға текст ҳәм сүўретлерди түсириў процесси;

-баспа қәлиплерсиз басып шығарыў санлы басып шығарыў технологиялары жәрдеминде текст ҳәм сүўретлерди қағаз, полиэтилен ҳәм басқа материалларға басып шығарыў усыллары;

-трафарет яки шайы трафарет усылында басып шығарыўфотомеханикалық усылда яки қолда таярланатуғын трафареттен түрли материалларға яки таяр санаат өнимлерине текст ҳәм сүўретлердиң сәўлелениўин түсириў;

-брайл усылында басып шығарыў алты нуқта комбинациясына тийкарланған бөртпе ноқат ҳәм бөртпе рельеф тийкарында көзи әззилер ушын текст ҳәм сүўретлерди басып шығарыў усыллары;

-таяр өнимлер ҳәм материалларға басыў таяр санаат өнимлери ҳәм материалларға текст ҳәм сүўретлерди қыздырыў яки эластикалық баспа элемент (тампон) арқалы басыў;

3) Басып шығарыўдан кейинги процесслер ҳәм түплеў-бүклеў ҳәм таңлаў, тигиў, кесиў ҳәм форма берип кесиў, желимлеў, ламинациялаў, лаклеў, түплеўге таярлаў, түплеў ҳәм басқа процесслер.

Усы Регламент нусқа көшириў, дизайнерлик ҳәм фотостудия хызмети, текст териў, оригинал макет таярлаў жумысларына енгизилмейди.

Мәмлекетлик хызмет орынлардағы Мәмлекетлик хызметлер орайлары яки Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлигининг Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар аймақлық басқармалары тәрепинен әмелге асырылады.

 

Басып шығарыў искерилигин әмелге асырыў ушын рухсат бериўде мәмлекетлик бажы муғдары төмендегише өндириледи:

-басылымлар ушын (жыллық ис көлеми 2 млн. баспа табаққа шекем болған кәрханалар – базалық есаплаў муғдарының 10 есеси;

-басылымлар ушын (жыллық ис көлеми 2 млн. баспа табақтан артық болған кәрханалар – базалық есаплаў муғдарының 25 есеси;

-баспа өнимлериниң қәлиплерин таярлаў – базалық есаплаў муғдарының             2,5 есеси;

-печать ҳәм штаплар таярлаў, баспа өнимлерин түплеў – базалық есаплаў муғдарының 5 есеси;

-басып шығарыў кәрханалары шет ел инвестициялары қатнасында шөлкемлестирилген яки Өзбекстан Республикасында турақлы жасаўшы шет ел пуқарасы шөлкемлестириўши (шөлкемлестириўшилердиң қурамында) болса – 500 АҚШ доллары муғдарында.

 

Баспаға таярлаў жумысларына лицензия алыў:

-мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары, судлар, прокуратура уйымлары тәрепинен рәсмий материаллар, норматив ҳүжжетлер топламлары ҳәм басқа да ҳүжжетлерди басып шығарыўда;

-кәрханалар, шөлкемлер, билимлендириў ҳәм илимий мәкемелер тәрепинен өз жумыслары ушын зәрүр болған ҳәм қолжазба ҳуқықлары менен ғалаба рәўиште тарқатыў яки көбейтиў ушын мөлшерленбеген материалларды басып шығарыўда;

-усы ғалаба хабар қураллары редакциялары тәрепинен ғалаба хабар қуралларын басып шығарыўда талап етилмейди.

Мәмлекетлик хызмет орынлардағы Мәмлекетлик хызметлер орайлары яки Бирден-бир интерактив Мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги тәрепинен әмелге асырылады.

Төмендегилер баспаға таярлаў жумысларын әмелге асырыўда лицензия талаплары ҳәм шәртлери есапланады:

-баспаға таярлаў жумыслары тараўындағы нызам ҳүжжетлерине ҳәм техникалық тәрептен тәртипке салыўшы ҳүжжетлер талапларына мәжбүрий әмел етилиўи;

-урысты үгит-нәсиятлаў, мәмлекетлик системаны конституцияға қарсы рәўиште өзгертиў, мәмлекетте қәўипсизлик ҳәм социаллық-экономикалық турақлылықты, миллетлер ҳәм динлер аралық татыўлықты бузыў, Өзбекстан ҳаққында надурыс мағлыўматларды тарқатыў ҳәм оның тарийхый, мәдений ҳәм руўхый қәдириятларын бузып көрсетиў ушын пайдаланыў мақсетинде баспаға таярлаў өнимлерин басып шығарыў ҳәм тарқатыўға жол қойылмаўы;

-баспаға таярлаў жумысларын әмелге асырыў ушын зәрүр болған тийисли материаллық-техникалық база, әсбап-үскенелер ҳәм техникалық қураллардың болыўы;

-лицензияда көрсетилген қәнигелик бойынша баспаға таярлаў жумысларын әмелге асырыў;

-баспаға таярлаў-басып шығарыў сапасының нызамшылықта белгиленген талаплар ҳәм стандартларға муўапықлығын тәмийинлеў;

-авторлық ҳуқықына әмел етиў;

-лицензия талапкер тәрепинен таярланған басып шығарыў өнимлериниң (соның ишинде, усы өним қурамына кирген шығармалардың) нусқалары, таярланған нусқалар саны, сондай-ақ, лицензия талапкери яки буйрытпашының баспаға таярлаў ҳуқықын (лицензия талапкери тәрепинен авторлық ҳуқыкларына әмел қылыныўы) тастыйықлаўшы ҳүжжетлер есабының жүргизилиўи;

-лицензия талапкери тәрепинен баспаға таярлаў жумысларының өрт қәўипсизлиги қағыйдалары, санитариялық-гигиеналық нормалары, мийнетти (өндиристи) қорғаў талапларына жуўап беретуғын имарат ҳәм ханаларда әмелге асырылыўы;

-юридикалық шахс штатында тийисли жоқары яки орта арнаўлы мағлыўматқа ҳәм баспаға таярлаў ислеринде кеминде 3 жыллық жумыс тәжрийбесине ийе болған кеминде бир хызметкердиң болыўы.

Мәмлектелик хызметлер агентлиги, оның аймақлық басқармалары ҳәм Мәмлектелик хызметлер орайлары усы Регламент талаплары орынланыўы бойынша мәмлектелик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлердиң жумыслары бойынша турақлы қадағалаў ҳәм мониторингты әмелге асырады.

 

Мәмлекетимиз тәрепинен исбилерменлик субъектлерине жаратылып атырған бундай жеңиллик ҳәм кепилликлер, сондай-ақ, исбилерменлик субъектлерин ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў халқымыздың турмыс дәрежесин жақсылаўға хызмет етиўи сөзсиз.

 

Мәмлекетлик хызметлер агентлиги

Қарақалпақстан Республикалық басқармасы

Жәмийетшилик ҳәм ҒХҚ менен байланыслар бөлими.