Өзбекстан Республикасы делегациясы өткен жылдың 12-ноябрь күни Берлин қаласында болып өткен саўда ҳәм инвестициялар бойынша Өзбекстан-Германия ҳүкиметлераралық жумысшы топарының 16-мәжилисинде қатнасып, еки тәреплеме ушырасыўлар даўамында бир қатар немис компаниялары менен биргеликте жоқары дәрежели келисимлерди, қоспа илажларды әмелге асырыў белгилеп алынды. Атап айтқанда, инновация ҳәм инфруструктураны раўажландырыў тараўында бирге ислесиўди күшейтиў мақсетинде турақ жайларды энергетикалық модернизациялаў бойынша Германия ҳәм Өзбекстан бирге ислесиўи шеңберинде пилот жойбарлар әмелге асырылатуғын болды.
Солардан бири Нөкис қаласындағы көп квартиралы турақ жайлардың энергия үнемлилигин арттырыў бойынша тәжирийбе жойбары жақында Германия энергетика агентлиги (DENA) тәрепинен әмелге асырылыўы басланды. Бул жойбар әўметли әмелге асырылса Германияның энергия үнемлилигин арттырыў технологияларын енгизиў бағдарламасы Өзбекстанның басқа да аймақларын қамтып алады.
Өткен жылдың сентябрь айында Ташкент қаласында турақ жай фондын модернизациялаў тараўында еки тәреплеме бирге ислесиўди, мақсет ҳәм стратегияларды, энергетикалық стандартларды, ири оңлаўды шөлкемлестириў, қаржыландырыў мәселелерин додалаў мақсетинде дөгерек сәўбети өткерилип, онда усы бағдарда еки тәреплеме бирге ислесиў бойынша қатнасық жолға қойылды. Усы бирге ислесиў шеңберинде Нөкис қаласына Германия энергетика агентлиги (DENA) нен қәнигелер келип, олар менен бирге қалада турақ жай коммуналлық хожалығында энергияны үнемлеў бойынша пилот жойбарды әмелге асырыў, жайларды санациядан өткериў (ескилерин қайта тиклеў мақсетинде қолланылатуғын технология) режелестирилген.
Германиялы қәнигелер Нөкистеги 22, 23, 26-киши районлардағы көп қабатлы жайларды барып көрди ҳәм ислениўи керек жумыслар бойынша усынысларын ортаға таслады.
– Биз немис энергетика агентлиги қәнигелеримиз. Бул жерге көп қабатлы турақ жайлардың жағдайларын үйрениў мақсетинде келдик ҳәм алдағы ўақытлары қандай жумысларды ислеў зәрүрлиги менен танысып атырмыз. Мағлыўматларға қарағанда, 1970-80-жыллары салынған бул көп қабатлы жайлар тек ғана ири оңлаўды емес, дийўалларында, төбелеринде, әсиресе, жыллылық системасында көплеген жумысларды әмелге асырыўды талап етип тур. Егер жумыслар толық исленсе ҳәм жойбар әмелге асырылса, ҳәр бир хожалықта 60-70 процент энергия үнемленеди. Сондай-ақ, пуқаралар ушын да қолайлы ҳәм жақсы шараятлар жаратылады, -дейди агентлик баслығының орынбасары Николь Пиллен.
Бүгинги күнде еки бағдар бойынша яғный орайласқан ыссылық тәмийнаты менен тәмийинленген ҳәм өз алдына, жеке тәртипте ысытыў қурылмалары орнатылған турақ жайлар үйренип шығылмақта. Германия Федеративлик Республикасының «DENA» агентлигиниң тәжирийбели қәнигелери менен бирге жайлар үйренип шығылды. Үйрениў нәтийжесинде усы еки түрдеги турақ жайлар бойынша толық есап-санақ жумыслары, ыссылықты сақлап қалыў илажлары әмелге асырылмақта. Жойбардың тийкарғы мақсети халқымыздың гүзги-қысқы мәўсимде зыян көрмей өтиўи, Қарақалпақстанда ҳаўа райы кескин суўып кеткенде халыққа жеңиллик жаратыў болып табылады.
М.ПИРНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.