Олий Мажлис Нызамшылық палатасының биринши мәжилисиндеги шығып сөйлеген сөзинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев парламентлик қадағалаўды күшейтиў мәселесине айрықша итибар қаратты.

Өткен дәўирде парламентлик қадағалаўдың жаңа түри ҳәм механизмлери турмысымызға кирип келди. Соның ишинде, Нызамшылық палатасында ҳүкимет ағзаларының депутатлар сораўларына жуўапларын тыңлаў тәртиби – «Ҳүкимет сааты» институты енгизилди. Буннан тысқары, 2019-жылдан баслап Министрлер Кабинетиниң ағзалығына талабанларды төменги палата мәжилисинде көрип шығыў әмелияты енгизилди.

– Тәсиршең парламент арқалы нәтийжели атқарыў ҳәкимиятының жумысын жолға қойыўға ерисемиз. Сол себепли халықтың арасында пикир-таласқа себеп болып атырған машқалалар бойынша жуўапкер басшылардың парламентке ҳәм жергиликли кеңеслерге түсиник бериў тәртибин енгизиў керек, – деди Шавкат Мирзиёев.

Нызамшылық палатасының комитетлери ҳәм басқа да структуралық дүзилмелери қадағалаў-таллаў жумысларын күшейтиўи керек екенлиги көрсетип өтилди.

Төменги палатада шөлкемлестирилген Мәмлекетлик бюджет басқармасы бюджетти қәлиплестириў ҳәм орынланыўы үстинен нәтийжели қадағалаў орнатыўға хызмет етпекте.

Бизге белгили, бүгинги күнде мәмлекетимиз аймақларын социаллық-экономикалық раўажландырыў мақсетинде мәмлекет тәрепинен үлкен көлемде қаржылар жумсалмақта. Бирақ олардың дурыс ҳәм үнемли жумсалыўын қадағалаў бағдарында усы аймақлардан сайланған депутатлардың қатнасы дерлик сезилмей атыр. Нәтийжеде орынларда ажыратылған қаржылардан надурыс пайдаланыў, оларды талан-тараж етиў, коррупция жағдайлары да ушырасып турыпты.

Сол себепли халық ўәкиллери өз ўәкиллигине тийкарланып, тәсиршең қадағалаў орнатыўы зәрүр екенлиги атап өтилди.

Бюджеттен жумсалатуғын ҳәр бир сум ушын Қаржы министрлиги халық ўәкиллериниң алдында есап бериўи, барлық уйымлар мәмлекетлик қаржының анық мақсетлер ушын жумсалыўы бойынша парламенттен айбынып турыўы керек. Сонда тәртип болады, сонда ҳәмме депутат пенен есапласатуғын болады, – деди Президент.

ӨзА