Президент Шавкат Мирзиёев Олий Мажлис Нызамшылық палатасының мәжилисиндеги шығып сойлеген сөзинде депутатлар алдында турған әҳмийетли ўазыйпаларға тоқтап өтти.

– Депутат, бәринен бурын, бәрқулла халықтың дәрти менен жасаўы, адамларды қыйнап атырған машқалаларды шешиў ушын пидайылық көрсетип басқаларға өрнек болыўы тийис.

Төменги палата ҳәр бир нызам жойбары бойынша қалыс пикир-талас ҳәм тартысыўлар орнына, түрли социаллық мәплер арасындағы гүрес майданына, ҳақыйқый демократия мектебине айланыўы зәрүрлиги атап өтилди.

Өткен бес жыл даўамында палата жумысы сезилерли дәрежеде жанланып, 540 нызам ямаса 2010-2014-жыллардағына салыстырғанда 2 есе көп нызам жойбары көрип шығылды.

Пуқаралық процессуаллық кодекси, Экономикалық процессуаллық кодекс, Ҳәкимшилик суд ислерин жүргизиў ҳаққындағы кодекс, Сайлаў кодекси сыяқлы әҳмийетли ҳүжжетлер қабыл етилди.

Сондай-ақ, соңғы еки жылда тиккелей әмел ететуғын нызамлар ислеп шығыла басланды.

Төменги палатаға киргизилген ҳәр бир нызам жойбары бойынша орынларда жәмийетшиликтиң додалаўын өткериў әмелияты жолға қойылды. Усыннан кейин 400 ден зыят нызам жойбарындағы мыңға шамалас нормалар пуқараларымыз билдирген усыныслар тийкарында жетилистирилди. Халық тәрепинен билдирилген пикирлер, сын көзқарастағы усыныслар инабатқа алынып, 16 нызам жойбарынан бас тартылды ҳәм интакер уйымға қайтарылды. 2010-2014-жылларда бир де нызам жойбары қайтарылмаған еди.

Шавкат Мирзиёев депутатлар тийкарғы итибарды нызамлар халық мәпин қаншелли көрсетиўине қаратыўы зәрүрлигин атап өтти.

– Шынында, халық ўәкиллери болған депутатлар өз ўәкиллигине тийкарланып, мәрт, талапшаң ҳәм исенимли болыўы, пуқаралардың  мәпине хызмет етпейтуғын нызамлар қабыл етилиўине жол қоймаўы шәрт. Ҳәр бир нызамның, айтып өтиў керек болса, көзи, аяғы, орынланыўы болыўы лазым. Нызам қабыл етилдиме, әлбетте, турмыста өзгерис болыўы керек, – деди Президент.

 

ӨзА