Нөкисте Қарақалпақстан Республикасы судлары тәрепинен өткен жылы әмелге асырылған жумыслардың жуўмағына бағышланып ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ушын баспасөз әнжуманы болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша судының баслығы Г.Базарбаева, Пуқаралық ислери бойынша судының баслығы К.Тарихов, Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының баслығы А.Адилов, Қарақалпақстан Республикасы экономикалық судының баслығы Г.Зарипова өткен жылы әмелге асырылған жумыслар бойынша мағлыўмат берди.

Атап өтилгениндей, елимизде әмелге асырылып атырған суд-ҳуқық тараўындағы реформалардан мақсет инсан ҳуқық ҳәм еркинлери, олардың нызамлы мәплерин нәтийжели қорғаўдың ең әҳмийетли кепили сыпатында суд ҳәкимиятының абырайын және де беккемлеў, судлардың шын мәнисинде еркинлигин тәмийинлеў, оны ҳақыйқый әдиллик қорғанына айландырыў, күшли пуқаралық жәмийетти қурыўдағы орны ҳәм ролин күшейтиў болып табылады.

Президентимиздиң 2018-жыл 13июльдеги «Суд-ҳуқық системасын буннан былайда жетилистириў ҳәм суд ҳәкимияты уйымларына исенимди арттырыў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы системаның абырайын арттырыў, судларды қәнигелестириў менен бирге халық, оның тәғдири, ҳуқық ҳәм мәплерин нызамлы қорғаўдың жоқары көриниси болды.

Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша суды баслығының атап өткениндей, жынаят ислери бойынша судлар тәрепинен есабат дәўиринде 1245 (2018-жылы 1793) шахсқа 1040 (1453) жынаят иси көрилип жуўмақланған. Жуўмақланған ислердиң саны өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 28,0 процентке, шахслардың саны болса 30,5 процентке азайған. Судланған шахслар 761 ди қурап, бул көрсеткишти өткен жылға салыстырғанда 33 процентке азайды. Бул дәўирде көрилип жуўмақланған жынаят ислериниң 463 и ямаса 44,5 проценти суд мәжилисинде көрилген.

Буннан тысқары Мәҳәлле, Ҳаял-қызлар ҳәм Жаслар аўқамының кепилликлери тийкарында 59 процент шахсқа еркинен айырыўға байланыслы болмаған жаза тайынланды. Сондай-ақ, жынаяттың себеплери ҳәм оның жынаят ислеўге имканият берген шараятларын сапластырыў ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы ҳәм районлық судлар тәрепинен улыўма көрилген ислерге салыстырғанда 62,5 процентти қураған 650 жынаят иси бойынша жеке ажырым шығарылып, оны додалаўға тиккелей судьялар қатнасқан.

 

 

Қарақалпақстан Республикасы пуқаралық ислери бойынша суды баслығының мәлим етиўинше, есабат дәўиринде пуқаралық ислери бойынша судлар тәрепинен 7353 (2018-жылы 8330) пуқаралық иси көрилип жуўмақланған. Бул өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 977 ге азайған.

Көрилип жуўмақланған 7353 истиң 6050 и (82,3 проценти) бойынша шешим қарары шығарылған. Соннан 5330 (88,1 процент) ис бойынша даўа арза қанаатландырылған, 720 (11,9 проценти) ис бойынша даўа арза қайтарылған. Буннан тысқары 808 (10,9 проценти) ис ҳәрекеттен тоқтатылған ҳәм 495 (6,7 проценти) даўа арза көрилместен қалдырылған. Жәми көрилген 7353 истен 2739 ы (2018-жыл 3010) пуқаралық ислери қабыллаў суд мәжилислеринде көрип жуўмақланған. Бул ислердиң 37,3 (36,1) процентин қурайды.

Қарақалпақстан Республикасы Ҳәкимшилик суды баслығының атап өткениндей, 2019-жылдың жуўмағы бойынша Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды, районлық ҳәм қалалық ҳәкимшилик судлары тәрепинен 23731 шахсқа 21038 ҳәкимшилик ис көрилип жуўмақланған. Бул ислердиң 12328 и ямаса 56,1 проценти көшпелли қабыллаў суд мәжилисинде көрилген.

2019-жыл даўамында көрип жуўмақланған 15330 шахсқа 13779 ҳәкимшилик ис бойынша ҳәкимшилик жаза қолланыў ҳаққында қарар шығарылған, 8401 (6300) шахсқа 7259 ҳәкимшилик ис ҳәрекеттен тоқтатылған. Биринши басқыш судлар тәрепинен жәми 1742 материал көрилип, соннан 1531 материал бойынша өтиниш хаты қанаатландырылған ҳәм 211 өтиниш хаты қайтарылған.

Қарақалпақстан Республикасы экономикалық суды баслығының атап өтиўинше, өткен жылдың жуўмағы бойынша экономикалық судлар тәрепинен 7794 ис көрилип шығылған. Соннан, 7169 (73,1 проценти) ис көшпели суд мәжилисинде көрилген.

Киши бизнес субъектлери ҳәм жеке исбилерменлердиң қатнасыўында жәми 5872 ис көрилип, олардың пайдасына 26,2 миллиард сум өндириў ҳаққында суд қарары шығарылған. Соннан, дийқан ҳәм фермер хожалықларының қатнасыўында жәми 2972 ис көрилип, олардың пайдасына 1,6 миллиард сум өндирилди.

Шәртнама шәртлерин ҳәм төлем тәртибин бузған хожалық жүргизиўши субъектлердиң лаўазымлы шахсларына 22 ҳәкимшилик, 20 материаллық, 54 интизамий жуўапкершиликке тартыў ҳаққындағы ҳәм 10 басқа түрдеги, жәми 106 тәсир илажлары қолланылды. Ықтыярий төленген мәмлекетлик бажылардың муғдары 1,4 миллиард сумды қурады. Сондай-ақ, 8 миллиард 783 миллион 350 мың сум мәмлекетлик бажыны бюджетке өндириў бойынша орынлаў қағазлары берилген.

Илажда әмелге асырылған жумыслар менен бир қатарда жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлыққа қарсы гүрес бағдарында «Мениң мәҳәллем – мениң судьям» идеясы тийкарында бирге ислесиўде ҳуқықый үгит-нәсиятлаў жумысларын алып барыў, көшпели суд мәжилислеринде ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң қатнасыўын тәмийинлеў ҳаққында да сөз етилди.

Баспасөз әнжуманында қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.