«Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекетиниң қәнигелери Жәмийетлик ҳәм экономикалық басламалар институтының экспертлери менен биргеликте гендер теңлиги мәселелерин үйренип, алға сүрмекте. Атап айтқанда, олар тәрепинен ҳәзирги ўақытта мәмлекетлик структуралар, уйымлар ҳәм ири жәмийетлик шөлкемлерде жумыс алып барып атырған ҳаял-қызлардың ТОП-35 лик дизими жәрияланды.

Қуўанышлы тәрепи, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыўдағы ең белсенди ҳаял-қызлар қатарында Ташкент педиатриялық медицина институты Нөкис филиалының директоры, сенатор Орал Атаниязова да көрсетилген.

Бул дизимди ислеўде ҳаял-қызлар жумыс ислеп атырған шөлкемлердиң сиясий күн тәртибин қәлиплестириў, тараўларды раўажландырыў және социаллық-экономикалық өзгерислерди әмелге асырыўға институционаллық тәсир дәрежеси есапқа алынған.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.