Беруний районында ўатансүйиўшиликке бағдарланған концерт бағдарламалары, қурал ҳәм әскерий техникалардың көргизбеси, әскерлердиң шығыўлары ҳәм спорт ойынлары болып өтти. Онда Өзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлигиниң ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң арнаўлы бөлимлери қатнасты.

Арқа-Батыс әскерий округиниң басламасы менен өткерилген усы илажларда мыңнан аслам оқыўшы-жаслар қатнасты.

Районның Жаслар орайында өткерилген «Мәртлик ҳәм батырлық сабақлары»нда  2019-жылда халықаралық армия ойынларында мүнәсип қатнасып қайтқан ҳәм мәмлекетлик сыйлықларға ийе болған әскерий қәнигелер шығып сөйлеп, тынымсыз мийнет ҳәм Ўатанға муҳаббат пенен ҳәр қандай қыйыншылықларды жеңиўге болатуғынлығын атап өтти.

 

 

– Соң Беруний Аўыл-хожалығы кәсип-өнер колледжинде Ўатансүйиўшилик фестивалы өткерилди. Онда жасларға Нөкис гарнизоны Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайының әскерий оркестри тәрепинен концерт бағдарламасы қойып берилди. Үргенш гарнизонының әскерий хызметкерлери менен Үргенш «Темурбеклер мектеби» оқыўшыларының қурамалы қол урысы элементлерин өзинде жәмлеген сахналық көринислери көрсетилди,-дейди әскерий округтиң баспасөз хызмети бас қәнигеси Ш.Абдурахманова.

Жаслар арасында арқан тартысыў, тас көтериў ҳәм әскерий эстафеталық жарыслар шөлкемлестирилди. Жеңимпазлар округ сәркардалығы тәрепинен мүнәсип сыйлықланып барылды.

Фестиваль шеңберинде қатнасыўшылар ушын әскерий техника ҳәм қурал-жарақлардың көргизбеси шөлкемлестирилди.

Усындай илажлар Еллиққала ҳәм Беруний районларында да болып өтти.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.