Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен өзине тийисли ўазыйпаларды ҳәм миннетлерди  үлгили тәризде орынлап киятырған әдиллик уйымларының хызметкерлерин хошаметлеў мақсетинде турақлы түрде «Жылдың ең жақсы әдиллик бөлими», «Жылдың ең жақсы әдиллик хызметкери», «Айдың ең жақсы хызметкери» таңлаўлары шөлкемлестирилмекте.

2019-жылдың жуўмағы бойынша жоқары көрсеткишлерге ийе болған әдиллик бөлимлери арасында «Жылдың ең жақсы әдиллик бөлими» таңлаўы болып өтти.

 

 

Таңлаў 3 шәрт бойынша өткерилип, 1-2 шәртлеринде хызметкерлер тәрепинен әмелге асырылған жумыслар, ҳуқықый билимлери, көнликпелери сынақтан өткерилди. 3-шәртте қатнасыўшыларға таңлаў комиссиясы тәрепинен таярланған сораўлар берилди.

Таңлаў жуўмағында Беруний районы әдиллик бөлими биринши, Қоңырат районы әдиллик бөлими екинши, Хожели районы әдиллик бөлими үшинши орынды ийеледи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.