Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының сайлаўдан кейинги биринши мәжилиси басланды.

Онда Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев қатнаспақта.

Мәжилисти Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы Мирзо-Улуғбек Абдусаломов ашты.

Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик гимни жаңлады.

Биринши мажилистиң Ўақытша секретарияты, Есап-санақ комиссиясы ҳәм Даўысларды есаплаўдың электрон системасынан пайдаланыўды қадағалаўшы ўақытша топары сайлап алынды ҳәм күн тәртиби тастыйықланды. Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы Нызамшылық палатасына болып өткен сайлаў жуўмақлары ҳаққында мәлимлеме берди.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының Регламентине муўапық, төменги палатаның Спикерин сайлаў ушын Сиясий партиялар ўәкиллериниң кеңеси дүзилди. Усы кеңестиң усынысына бола, депутатлар жасырын даўыс бериў жолы менен Нурдинжон Исмоиловты Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының Спикери етип сайлады.

Мәмлекетимиз басшысы Спикердиң билим ҳәм тәжирийбесин, пидайылығын атап өтип, өның ҳәм палатаның жумысына табыслар тиледи.

 

 

– Сизлер тарийхый дәўирде тарийхый депутатлар болып сайландыңыз. Усыған ҳәр күни, ҳәр минут мүнәсип болыўыңыз, халықшыл нызамлар қабыл етип, халықтың абаданлығына үлес қосыўыңыз керек, – деди Президент.

Усыннан кейин мәжилиске басшылық етиў ўәкиллиги Спикерге өтти. Нурдинжон Исмоилов мәжилис секретариятына келип түскен, 5 сиясий партия фракциясының басшылары тәрепинен фракциялар дүзилгенлиги ҳаққындағы шөлкемлестириў протоколларын оқып еситтирди. Соған тийкарланып Нызамшылық палатасындағы сиясий партиялар фракциялары дизимге алынды.

Депутатлар Нызамшылық палатасы Спикериниң жаңа шөлкемлестирилген биринши орынбасары лаўазымына депутат Акмал Саидовты, Спикердиң орынбасарлары лаўазымларына Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы фракциясының баслығы Актам Хаитовты, Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы фракциясының баслығы Алишер Қодировты, Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясы фракциясының баслығы Наримон Умаровты, Өзбекстан Халық демократиялық партиясы фракциясының баслығы Улуғбек Иноятовты ҳәм Өзбекстан Экологиялық партиясы фракциясының баслығы Борий Алихоновты сайлады.

Мәжилис даўам етпекте.

ӨзА