Орайлық банк басқармасының 2020-жыл 16-январьдағы қарары менен Орайлық банктиң тийкарғы ставкасы жыллық 16 процент дәрежесинде өзгериссиз қалдырылды.
Инфляцияның төменлеп атырған прогноз трендине толық исеним пайда етиў ушын белгили мүддет зәрүр екенлиги ҳәм тәртипке салынатуғын баҳалардың арттырылыўы бойынша айырым анықсызлықлардың бар екенлигине түсиник берилди.
Ушырасыўда берилген пул алмасыўына байланыслы сораўға Өзбекстан Республикасы Орайлық банки баслығының орынбасары Илҳом Норқулов былайынша жуўап берди.
– Кейинги күнлерде бул сораўдың әтирапында оғада көп пикирлер айтылмақта. Бирақ, пулды алмастырыў бағдарында ҳеш қандай реже жоқ. Жақын арада бундай илажлар көрилмейди. Қайталап айтыўым мүмкин, бул мәселеде ойлап та көрилген жоқ. Егер бундай реже болса халықты ҳәм ҒХҚ ўәкиллерин хабардар еткен болар едик. Егер жеке пикирим менен қызығатуғын болсаңыз, бул тек ғана долларды арзанлатыўға байланыслы илажлар, – деди Илҳом Норқулов.
Кейинги күнлерде Қаржы министрлиги ҳәм Орайлық банк «Өзбекстан Республикасы валюта биржасы» акционерлик жәмийети (ӨзРВБ)ниң саўда системасында мәмлекетлик қымбат баҳалы қағазларды ҳәм облигацияларды жайластырып атырғаны ҳаққындағы дағазалар көзге тасланбақта. Ушырасыўда оның себеплери де жәрияланды.
Мысал ушын, пул-кредит сиясатында ол белгили бир әҳмийетке ийе болып, коммерциялық банклер де өзинде белгили бир көлемде ақша қаржыларын сақлаўы шәрт екен. Яғный ол өзиниң финанслық турақлылығын тәмийинлеў ушын ҳәрекетте болыўы керек. Оны тәмийинлеў ушын кассадағы нақ пулларды облигациялар ямаса қымбат баҳалы қағазларға алмастырыў басланады. Бул қағазларды гиреўге қойып, кредит алыў мүмкин екен.
Орайлық банк 2020-жыл ушын инфляцияның базалық прогнозын белгиленген 12-13,5 процент дәрежесинде сақлап қалмақта. Мысал ушын, 2018-2019-жылларда орташа мийнет ҳақы дәрежесиниң сезилерли дәрежеде дурысланғаны есабынан 2020-жылы халық номиналлық дәраматларының орташа дәрежеде өсиўиниң күтилиўи талап факторларының тәсирин азайтыўға жәрдем береди.
Соның менен бирге, прогноз есап-санақларға бола, 2018-2019-жылларда экономикаға ажыратылған кредит қойылмалары ҳәм мәмлекетлик қәрежетлерин жедел пәтлер менен өсиўиниң экономиканы қоллап-қуўатлаўшы тәсири 2020-жылдың биринши ярым жыллығында да белгили дәрежеде сақланып қалады.
Дәслепки болжаўлар бойынша, 2020-жылдың екинши ярымында номиналлық Жалпы ишки өнимниң өсиў пәти 2019-жылдың сәйкес дәўирине бираз төменледи. Фискаль ҳәм монетар сиясаттың тәртипке салыўшы тәсирине қарамастан тиккелей сырт ел инвестицияларының өсиўи ҳәм инвестициялық процесслердиң жеделлесиўи экономикалық өсиўге унамлы тәсир етеди.
Сайёра ШОЕВА, Фарҳод АБДУРАСУЛОВ (сүўрет), ӨзА