Ҳүрметли әскерлер ҳәм сержантлар, офицерлер ҳәм генераллар, Қураллы Күшлеримиздиң ветеранлары!

Қәдирли ўатанласлар!

Өз өмирин Ўатанды қорғаўдай ең уллы ҳәм мәртебели иске бағышлаған сиз, әзизлерди, пүткил халқымызды Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 28 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни менен шын жүрегимнен қызғын қутлықлайман.

Усы қутлы әййямда бәршемиз бәринен бурын өзиниң жаўынгерлик постында бәрқулла қырағы ҳәм сергек турып, елимиздиң шегараларын көздиң қарашығындай сақлап киятырған мәрт ҳәм жигерли, садық улларымызды, пидайы ата-бабаларымызды, ҳақыйқый ўатансүйиўши инсанларды улығлап, оларға ең жақсы тилеклеримизди билдиремиз.

Әне усындай батыр ҳәм жанкүйер перзентлерди тәрбиялап камалға келтирген ҳүрметли ата-аналарға, әскерий хызметкерлеримизге өзиниң муқаддес миннетин орынлаўда ҳәмийше таўдай сүйениш болып киятырған олардың шаңарақ ағзаларына терең миннетдаршылық билдиремиз.

Армиямыздың күш-қүдирети әскерий хызметкерлер менен пүткил жәмийетимиздиң бирлиги ҳәм аўызбиршилигинде, десек, әйне ҳақыйқатты айтқан боламыз.

Мине усындай уллы руўхый қүдирет дәреги бар екени, ҳеш бир жаўыз күш Өзбекстанның ғәрезсизлигине, тыныш ҳәм парахат өмиримизге қәўип туўдыра алмайды, бизди демократиялық өзгерислер жолынан артқа қайтара алмайды.

Ҳүрметли дослар!

Ўатанымыздың ғәрезсизлиги, халқымыздың тыныш, еркин ҳәм абадан турмысының беккем кепили болған Өзбекстан Қураллы Күшлери өткен 28 жылда оғада қыйын ҳәм соның менен бирге даңқлы қәлиплесиў жолын басып өтти.

Әсиресе, кейинги жылларда алып барылып атырған түпкиликли реформалар нәтийжесинде миллий армиямыз ҳәр қандай қәўип-қәтерге мүнәсип соққы бере алатуғын қүдиретли, жедел ҳәм нәтийжели күшке айланып бармақта.

Регионымызда ашық-айдынлықты ҳәм миллий мәплерди өз-ара есапқа алыў принциплерине тийкарланған жаңа сиясатты әмелге асырыў шеңберинде Қураллы Күшлеримиз Орайлық Азияның барлық мәмлекетлериндеги кәсиплеслери менен тығыз шериклик байланысларын орнатты ҳәм беккемлемекте. Соңғы жылларда биз бир қатар биргеликтеги оқыў шынығыўларын өткердик. Сондай-ақ, жоқары дәрежедеги әскерий делегациялардың сапар етиўлерин шөлкемлестирдик, оператив ҳәм жаўынгерлик таярлық бойынша тәжирийбе алмастық.

Бизиң барған сайын күшейип баратырған бундай бирге ислесиўимиз бүгинги күнде регионаллық қәўипсизликти ҳәм турақлылықты, Орайлық Азия деп аталатуғын улыўма үйимизде тынышлық ҳәм парахатшылықты тәмийинлеўдиң әҳмийетли факторына айланып бармақта.

Дүньядағы ең жоқары стандартлар дәрежесинде шөлкемлестирилген үзликсиз әскерий билимлендириў системасы избе-из раўажланбақта. Ҳәзирги ўақытта жаңадан дүзилген, мәниси ҳәм итибары жағынан теңи-тайы жоқ Мәлимлеме-коммуникация технологиялары ҳәм байланыс әскерий институты мәмлекетимиздиң заманагөй жоқары билимлендириў мәкемелери қатарынан мүнәсип орын ийеледи.

Соның менен бирге, басқарыўдың оператив-стратегиялық буўынында хызмет ететуғын офицер кадрларды таярлайтуғын жаңа факультет шөлкемлестирилди, Қураллы Күшлер академиясында қосымша билимлендириў инфраструктуралары пайдаланыўға тапсырылды. Арнаўлы ўазыйпаларды орынлайтуғын бөлимшелер ушын әскерий хызметкерлер таярлайтуғын оқыў орайын шөлкемлестириў процеси жуўмақланбақта. Миллий гвардияның Әскерий-техникалық институты жумысын жетилистириў бойынша үлкен жумыслар алып барылмақта.

Жаўынгерлик таярлықтың модеринизацияланған, бейимлесиўши системасын енгизиў менен үнлес ҳалда, Қураллы Күшлердиң жаңа шөлкемлестириўшилик структураға өткерилиўи миллий армиямыздың жаўынгерлик таярлығын ҳәм қәбилетин бир неше есеге арттырды.

Бүгинги күнде бизиң әскерлеримиз өзлериниң профессионал таярлық дәрежеси бойынша дүньядағы жетекши мәмлекетлер армияларының әскерий хызметкерлеринен ҳеш қалыспайтуғынын сөзде емес, әмелде дәлиллемекте. Халықаралық әскерий оқыў жарысларында, армиялар арасындағы ҳәм спорт беллесиўлеринде Өзбекстан ўәкиллери өзлериниң шеберлигин, руўхый жақтан күшли екенлигин, жеңиске болған ерк-ықрарын, уллы ата-бабаларымыздың мүнәсип мийрасхорлары екенликлерин айқын көрсетпекте.

Әлбетте, булардың барлығы пүткил Өзбекстан халқында, әсиресе, жасларымызда миллий армиямыз бенен мақтаныў туйғысын, Ўатанды қорғаўдай даңқлы кәсипке ҳүрмет-иззет сезимин оятпақта.

Миллий армиямызды қурал-жарақ ҳәм басқа да зәрүр қураллар менен тәмийинлеўге уқыплы болған қорғаныў-санаат комплексимизди және де раўажландырыў бойынша ўазыйпалар басқышпа-басқыш шешилмекте.

Шыршық авиация оңлаў заводы ҳәм жаўынгерлик оқ-дәрилер ислеп шығаратуғын кәрхананың модернизацияланғаны ҳәм техникалық қайта үскенеленгени буған айқын мысал бола алады, оларда қайта шөлкемлестирилген илимий-техникалық потенциал болса усы тармақларда илимий-өндирислик кластерлерин қәлиплестириўдиң тийкарына айланып бармақта.

Экономиканың толық қорғаныў секторын қәлиплестириў бойынша әмелге асырып атырған жумысларымыз жақын келешекте тек ғана миллий армиямызды қурал-жарақ ҳәм техника менен тәмийинлеў емес, ал қосымша жумыс орынларын жаратыў, сондай-ақ, мәмлекетимиздиң экономикасын диверсификациялаў имканиятын да береди.

Халық ҳәм армия арасында исенимли көпирге айланған әскерий-ҳәкимшилик секторларының жумысында белгили бир табыслар көзге тасланбақта. Бул секторлар шөлкемлестирилгеннен берли «Халық ҳәм армия – бир тән бир жан» деген сүрен астында әскерий инфраструктураларды модернизациялаў ҳәм жыйналып қалған социаллық машқалаларды шешиў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылды.

Әскерий қалашалар заманагөй көриниске ийе болды, материаллық тәмийнат хызметлери тараўына аутсорсинг системасы енгизилди. Өткен үш жыл даўамында 8 мыңнан зыят әскерий хызметкерлердиң шаңарақларын қолайлы ҳәм ықшам квартиралар менен тәмийинлеў ушын  275 көп қабатлы турақ жай қурылды, әскерий хызметкерлердиң ҳаяллары ушын дерлик 600 жаңа жумыс орны жаратылды, 1 мың 900 әскерий пенсионер жумысқа орналастырылды.

Армиямыз жетилисип киятырған жас әўладты ўатансүйиўшилик ҳәм ана ўатанға муҳаббат, миллий қәдириятлар менен дәстүрлеримизге ҳүрмет, даңқлы тарийхымызды терең билиў руўхында тәрбиялаў бағдарындағы жумысларға белсене кирискенин айрықша атап өтиўди қәлер едим. «Ватанпарвар» ҳәм «Ветеранлар» сыяқлы шөлкемлер, сондай-ақ, Қорғаныў министрлиги жанындағы Жәмийетлик кеңес жасларды әскерий-ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўды және де күшейтиў ҳәм оларда белсенди пуқаралық позициясын қәлиплестириў бойынша оғада зәрүр болған жумысларды биргеликте даўам еттиреди, деп исенемен.

Усы жерде Қураллы Күшлердиң жумысы үстинен пуқаралық қадағалаўды күшейтиў зәрүрлигин атап өтпекшимен. Бүгинги күнде мәмлекетимиз парламенти өзиниң кеңейтилген ўәкилликлери шеңберинде «Қорғаныў доктринасы ҳаққында»ғы нызам ҳәм қорғаныў тараўындағы басқа да ҳуқықый ҳүжжетлердиң орынланыўын қадағаламақта. Өткен жылы Олий Мажлис Сенаты тәрепинен Қураллы Күшлердиң қурылыўы ҳәм раўажланыўы, Өзбекстан Республикасы пуқараларының әскерий хызметти өтеўине байланыслы әҳмийетли мәселелер бойынша әскерийлестирилген министрликлер ҳәм уйымлар басшыларының баянатлары бир неше мәрте тыңланғанын атап өтиў зәрүр.

Қәдирли ўатанласлар!

Дүньядағы аҳўал тез пәт пенен өзгерип, дүньяның айырым регионларында жағдай кескинлесип, халықаралық терроризм ҳәм экстремизм қәўпи артып баратырғаны бизден халықаралық ҳәм регионаллық жағдайды ҳәр тәреплеме таллаў және прогноз етиўди, мәмлекетимиздиң қәўипсизлигин ҳәм турақлылығын тәмийинлеў, Қураллы Күшлеримиздиң жаўынгерлик таярлығын ҳәм потенциалын арттырыўға қаратылған комплексли илажларды көриўди талап етпекте.

Мәмлекетлик шегараларды сақлаў ҳәм қорғаў системасын және де беккемлеў, әскерлерди басқарыў системасын жетилистириў, жаўынгерлик таярлықты шөлкемлестириў нәтийжелилигин арттырыў, Қураллы Күшлерди ең жаңа қурал-жарақ ҳәм техникалар менен тәмийинлеў, мәмлекетимиздиң қорғаныў-санаат комплексин раўажландырыў бойынша жедел алып барылып атырған жумысларды избе-из даўам еттириў зәрүр.

Биз жоқары маман әскерий кадрлар таярлаў, оқыў-тәрбия процесслерине алдынғы сырт ел тәжирийбелерин, пелагогикалық ҳәм мәлимлеме-коммуникация технологияларын кеңнен енгизиўге, сондай-ақ, әскерий хызметкерлер, олардың шаңарақ ағзалары және Қураллы Күшлер ветеранларын социаллық ҳәм ҳуқықый жақтан қорғаўға буннан былай да биринши дәрежели әҳмийет қаратамыз.

Ҳүрметли дослар!

Ўатанымыздың мәрт ҳәм жигерли қорғаўшылары!

Усы қутлы байрам күнлеринде ҳәм Екинши жер жүзилик урыста ерисилген жеңистиң 75 жыллығын белгилеў алдында өз өмири есабынан дүнья халықларының азатлығын ҳәм еркинлигин сақлап қалыўға ерискен жеңимпаз ата-бабаларымызға жоқары ҳүрмет ҳәм иззет көрсетиў қаншелли әҳмийетли екенин бәршемиз ҳәр қашанғыдан да терең сезип, бул бағдарда үлкен әмелий жумысларды әмелге асырмақтамыз.

Сиз, ҳүрметли әскерий хызметкерлерге – әскерлер ҳәм сержантлар, офицерлер ҳәм генераллар, Қураллы Күшлеримиз ветеранларына Ўатанымызға шын кеўилден хызмет етиўдей абырайлы ўазыйпаны атқарыўда беккем денсаўлық, үлкен табыслар, күш-ғайрат, шаңарақларыңызға болса жаңа – 2020-жылда қут-берекет ҳәм бахыт-ығбал яр болыўын тилеймен.

Шавкат МИРЗИЁЕВ,

Өзбекстан Республикасы Президенти,

Қураллы Күшлер Жоқарғы Бас Сәркардасы