ТАҢЛАЎ    

 

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде «Қарақалпақстан ҳаўазы» газетасы редакциясы тәрепинен жәрияланған «Мен саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлайман» жойбары тийкарында жәрияланған таңлаўдың жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болды.

Илажда университеттиң журналистика кафедрасының баслығы Дәўлетбай Бекбаўлиев, «Қарақалпақстан ҳаўазы» газетасының редакторы Минажатдин Қутлымуратов таңлаўдың халқымыздың, соның ишинде жасларымыздың экологиялық ҳәм медициналық мәдениятын жетилистириў, олар арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаўдағы әҳмийетине тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, «Қарақалпақстан ҳаўазы» газетасы редакциясының «Мен саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлайман» жойбары Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фондының грант таңлаўы жеңимпазы болды. Усы тийкарда орынларда семинар-тренинглер өткерилип, жаслар арасында таңлаў жәрияланды.

Илаж соңында жеңимпазларға диплом ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.