Орайлық сайлаў комиссиясының гезектеги мәжилисинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзаларын сайлаў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары ўәлаятлық, районлық, қалалық Кеңеслериниң қоспа мәжилисин шақырыў ҳәм Олий Мажлис Сенаты сайлаўына байланыслы айырым ҳүжжетлердиң үлгилерин тастыйықлаў мәселеси көрип шығылды.

Мәжилисти Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы М.Абдусаломов алып барды.

Бурын Олий Мажлис Сенатының ағзаларын қәлиплестириў Орайлық сайлаў комиссиясының режесине муўапық өтетуғын еди. Жаңадан қабыл етилген Сайлаў кодексинде Сенатты қәлиплестириў тәртиби айрықша белгилеп қойылды. Сайлаў кодексине муўапық, Сенат ағзаларын сайлаў Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, жергиликли Кеңеслердиң депутатлары сайланғаннан кейин бир айдан кешиктирмей өткериледи.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, ўәлаятлар, Ташкент қаласы, сондай-ақ, районлар ҳәм қалалардың жергиликли Кеңеслериниң қоспа мәжилисин шақырыў Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен әмелге асырылады. Орайлық сайлаў комиссиясы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине, жергиликли Кеңеслерге сайлаў жуўмақлары жәрияланғаннан кейин үш күнлик мүддетте Сенат ағзаларын сайлаў ушын қоспа мәжилислер өткерилиўин жәриялайды. Қоспа мәжилис, егер онда депутатлардың улыўма санының үштен еки бөлеги қатнасса, ўәкилликли есапланады.

Қоспа мәжилисти Орайлық сайлаў комиссиясы ағзалары ашып, ең абырайлы, тәжирийбели, үлкен жастағы депутатлар арасынан мәжилиске басшылық етиўши ҳаққында усыныс киргизеди. Қоспа мәжилистиң жумысын алып барыў ушын ашық даўыс бериў арқалы үш адамнан бес адамға шекем жумысшы коллегия сайланады, сондай-ақ, келип түскен усынысларды есапқа алыў ҳәм қабыл етилген қарарларды рәсмийлестириў ушын үш адамнан ибарат Секретариат дүзиледи.

Усы қағыйдаларға муўапық, мәжилисте Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзаларын сайлаў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, ўәлаятлар, районлар ҳәм қалалардағы мәмлекетлик ҳәкимияттың ўәкилликли уйымлары депутатларының қоспа мәжилислерин 2020-жылдың 16-17-январь күнлери өткериў ҳаққында қарар қабыл етилди. Қарарға муўапық аймақларда қоспа мәжилислерди өткериў мүддетлери, орны ҳәм Орайлық сайлаў комиссиясынан қатнасатуғын жуўапкерлер ҳаққындағы реже-кесте тастыйықланды.

Сайлаў кодексине муўапық, Сенат ағзалығына талабанларды көрсетиў қоспа мәжилисте әмелге асырылады. Сенат ағзалығына талабанларды көрсетиў ушын басшылық етиўшиниң усынысына бола ашық даўыс бериў арқалы әпиўайы көпшилик даўыс пенен Мәсләҳәт кеңеси сайланады. Мәсләҳәт кеңесине үлкен тәжирийбеге ийе болған ең абырайлы, үлкен жастағы депутатлар арасынан, қағыйда тәризинде, ҳәр бир жергиликли Кеңестен бир ўәкилден сайланады. Мәсләҳәт кеңеси өз баслығын сайлайды.

Мәсләҳәт кеңеси илим, көркем-өнер, әдебият, өндирис тараўында және мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик жумыстың басқа тармақларында үлкен әмелий тәжирийбеге ийе болған айрықша хызмет көрсеткен ең абырайлы депутатлар арасынан сенат ағзалығына талабанларды көрсетеди ҳәм көрип шығады және сайлаў бюллетенине киргизиў ушын усыныс киргизеди.

Талабанларды бөлек-бөлек тыңлаўы ҳәм додалаў нәтийжелерине бола, қоспа мәжилисте оларды сайлаў бюллетенине киргизиў ҳаққында қарар қабыл етиледи. Қоспа мәжилисте қатнасып атырған депутатлардың көпшилиги жақлап даўыс берген Сенат ағзалығына талабан сайлаў бюллетенине киргизилген есапланады. Сайлаў бюллетенине алтыдан кем болмаған Сенат ағзалығына талабанлар киргизиледи.

Күн тәртибиндеги екинши мәселе – Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты сайлаўына байланыслы айырым ҳүжжетлердиң үлгилерин тастыйықлаў ҳаққындағы қарар жойбары ҳәм оның қосымшалары ҳәр тәреплеме додаланды.

Өзбекстан Республикасы Сайлаў кодексине муўапық, Орайлық Сайлаў комиссиясы Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзаларын сайлаўға байланыслы сайлаў бюллетенлериниң, протоколларының және басқа да ҳүжжетлердиң үлгилерин тастыйықлайды.

Мәжилис қарары менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзаларын сайлаўға байланыслы «Сайлаў бюллетени», халық депутатлары ўәлаятлық, районлық ҳәм қалалық Кеңеслериниң депутатлары қоспа мәжилисиниң пртоколы, сондай-ақ, халық депутатлары ўәлаятлық, районлық ҳәм қалалық Кеңеслери депутатларының қоспа мәжилиси Мәсләҳәт кеңеси мәжилисиниң және Санақ комиссиясы протоколының үлгилери тастыйықланды.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Сенаты (жоқары палатасы) аймақлық ўәкиллик палатасы болып есапланады. Сенат ағзалары (сенаторлар) Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, ўәлаятлар, районлар ҳәм қалалардағы мәмлекетлик ҳәкимияттың ўәкилликли уйым депутатларының тийисли қоспа мәжилислеринде усы депутатлар арасынан жасырын даўыс бериў жолы менен Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласынан тең муғдарда – алты адамнан сайланады.

Сенаттың он алты ағзасы илим, көркем-өнер, әдебият, өндирис тараўында және мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик жумыстың басқа да тармақларында үлкен әмелий тәжирийбеге ийе болған және айрықша хызмет көрсеткен ең абырайлы пуқаралар арасынан Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен тайынланады.

Сенат жумысы жалпы мәжилислерге ҳәм оның комитетлериниң мәжилислерине жыйналатуғын сенаторлардың жумысына тийкарланады. Сенаттың ўәкиллик мүддети бес жыл. Ўәкиллик мүддети тамамланғаннан соң, Сенат жаңа шақырық Сенаты жумыс баслағанға шекем өз жумысын даўам етип турады.

Сайлаў күни жигирма бес жасқа толған және кеминде бес жыл Өзбекстан Республикасының аймағында жасап атырған Өзбекстан Республикасы пуқарасы Сенат ағзасы болыўы мүмкин. Бир шахс бир ўақыттың өзинде Сенат ағзасы ҳәм Нызамшылық палатасының депутаты болыўы мүмкин емес.

Нурилло НАСРИЕВ,

 ӨзАның хабаршысы.