Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 31-декабрьдеги «Өзбекстан Республикасының «2020-жыл ушын Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик бюджети ҳаққында»ғы нызамының орынланыўын тәмийинлеў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық, 2020-жылдың 1-февраль күнинен баслап бюджет мәкемелери ҳәм шөлкемлери хызметкерлериниң мийнет ҳақы, пенсиялар, стипендиялар, напақалар және кем тәмийинленген шаңарақларға берилетуғын материаллық жәрдем муғдары 7 процентке көбейилди.

Хабарыңыз бар, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги тәрепинен жоқары оқыў орынларындағы төлемли контракт муғдарлары мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарына байланыстырып қойылған.

Министрлик оқыў жылының екинши ярым жылы ушын төлемли контракт муғдарларының өзгериўи мүмкинлиги, контракт суммасының көбейгени ҳаққында қосымша мағлыўмат беретуғынлығын мәлим еткен еди.

Егер төлемли контракт муғдарлары мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарына салыстырғанда өзгеретуғын болса, кейинги ярым жыллық ушын баҳалар шама менен төмендегише көриниске ийе болады.

 

БАКАЛАВР

 

МАГИСТРАТУРА

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.