Жаңа редакциядағы Салық кодексинде алдынғы әмелде болған физикалық тәреплерден алынатуғын салық ставкалары өзгериссиз қалды. Бул ҳаққында «Ҳуқуқий ахборот» каналы мәлим етти.
Ставкалар төмендегише етип көрсетилген:
– физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығының тийкарғы ставкасы – 12 процент;
– дивидендлер ҳәм процентлер көринисиндеги дәраматлар ушын процентлик ставкасы – 5 процент.
Өзбекстанның резидентлери есапланбайтуғын физикалық тәреплер ушын:
– дивиденд ҳәм процентлер – 10 процент;
– халықаралық жүк тасыўдағы транспорт хызметлерин көрсетиўден алынған дәраматлар (жүк тасыўдан алынатуғын дәраматлар) – 6 процент;
– мийнет шәртнамалары ҳәм пуқаралық-ҳуқықый шәртнамалар бойынша алынған дәраматлар, басқа дәраматлар – 20 процент.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.