Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 6-январь күни Өзбекстан Мусылманлары мәкемесиниң баслығы, муфтий Усмонхон Алимовты қабыл етип, оның 70 жасқа толған күни менен қызғын қутлықлады.

Мәмлекетимиз басшысы Усмонхон Алимовтың миллий ҳәм диний қәдириятларды тиклеў, қәстерлеп сақлаў, уллы илимпазлардың, ойшыллардың бай илимий мийрасын үйрениў, үгит-нәсиятлаў ҳәм жәмийетте диний кеңпейилликти беккемлеўге қаратылған жумысына айрықша тоқтап өтти.

Өзбекстан Мусылманлары мәкемесиниң басшысы тек елимизде ҳәм Орайлық Азияда емес, ал дүнья көлеминде тән алынған абырайлы уламалардың бири екени, оның Ислам дуньясы ассоциациясының шөлкемлестириў мәжилиси ҳәм Пүткил дүнья уламалар кеңесиниң ағзасы етип сайланғаны, «Дүньяның ең абырайлы 500 мусылманы» дизиминен мүнәсип орын ийелегени пүткил Өзбекстан халқына үлкен мақтаныш бағышлағаны атап өтилди.

«Биз муфтий ҳәзиретлерин Ислам ағартыўшылығының талмас үгит-нәсиятлаўшысы сыпатында билемиз ҳәм қәдирлеймиз. «Тафсири Ирфон», «Имом Бухорий- муҳаддислар султаны», «Шаңарақта перзент тәрбиясы» сыяқлы шығармалары халқымыз жүрегинен терең орын алған», – деди мәмлекетимиз басшысы.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев  Мусылманлар мәкемеси баслығы, муфтий Усмонхон Алимовты мәмлекетимизде Ислам мәденияты ҳәм илимин раўажландырыў, муқаддес динимиздиң инсаныйлық мәнис-мазмунын ҳәм ийгиликли идеяларын, уллы илимпазлардың ҳәм ойшыллардың бийбаҳа илимий мийрасын енгизиў ҳәм халықаралық көлемде кең түрде үгит-нәсиятлаў жумысларына қосқан мүнәсип үлесин, жәмийетте социаллық-мәнаўий жағдайдың турақлылығын тәмийинлеў, миллетлераралық татыўлық ҳәм аўызбиршиликти беккемлеў бағдарындағы үлкен хызметлерин, диний ҳәм дүньялық билимлерди пүқта ийелеген жетик қәнигелерди таярлаў, жас әўладты ана Ўатанға муҳаббат, кеңпейилик ҳәм миллий қәдириятларымызға ҳүрмет руўҳында тәрбиялаў жолындағы  ибратлы жумысын жоқары баҳалаў белгиси сыпатында оған «Эл-юрт ҳүрмати» орденин тапсырды.

Муфтий Усманхон Алимов Президентимиз Шавкат Мирзиёевқа жоқары сыйлық ушын алғыс билдирип, кейинги жылларда жәмийетлик турмыстың барлық тараўлары қатарында диний-ағартыўшылық тараўында да үлкен реформалар әмелге асырылып атырғанлығын атап өтти. Муқаддес Ислам динин үйрениў, ата-бабаларымыз мийрасын қайта тиклеў ҳәм оларды келешек әўладларға жеткериў бойынша алып барылып атырған кең көлемли жумысларға бар күш-ғайратын жумсаўға таяр екенлигин билдирди.

Ушырасыўда мәмлекетимиздеги социаллық-мәнәўий орталықтың турақлылығын тәмийинлеў, жас әўладти инсаныйлық, кеңпейиллик, тынышлық ҳәм аўызбиршилик руўхында тәрбиялаўға қаратылған үгит-нәсиятлаў жумысларында Өзбекстан мусылманлары мәкемеси ҳәм диний тараў ўәкиллериниң белсене қатнасыўын өзиниң миннети деп мәлим етти.

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен уллы ата-бабаларға мүнәсип мийрасқорларды таярлаў, елимизде диний билимлендириў системасын жетилистириў, Ислам дининиң түп-мәнисин ҳәм инсаниятты жақсылыққа жетеклеўши дин екенлигин илимий тийкарланған ҳалда терең үйрениў ҳәм де үгит-нәсиятлаўға қаратылған системалы реформалардың әмелге асырылып атырғанлығы халқымыз ҳәм халықаралық жәмийетшилик тәрепинен жоқары тән алыныўына миясар болып атырғанлығы айрықша атап өтилди.

ӨзА